Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясыныӊ 1993-жыл 20-сентябрьдеги жалпы мәжилисинде 1994-жылдан баслап 15-май сәнеси Халықаралық шаӊарақ күни деп белгиленди.

Соннан берли мине 30 жыл өтип, пүткил дүньда 15-май –Халықаралық шаӊарақ күни сыпатында кеӊнен белгиленип келмекте.

Усы сәне мүнәсибети менен “Шаӊарақ ҳәм гендер” илимий-изертлеў институты тәрепинен пайтахтымыздағы “Реннесанс” кино сарайында “Шаӊарақ институтын беккемлеў: абадан турмыс ҳәм турақлы келешек” дөгерек сәўбети өткерилди.

Дөгерек сәўбетинде атап өтилгениндей, шаӊарақ, оныӊ ҳуқық ҳәм мәплери Өзбекстанда турақлы итибарда болып келген. Мәмлекетимизде енгизилген “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери” сыяқлы социаллық жойбарлар айрықша мүтәж шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў, саламатлығын беккемлеў, жүзеге келген машқалаларды сапластырыў имканиятын бермекте.








Кнйинги жыллары Президентимиздиӊ басламасы тийкарында мәҳәллелерде үйме-үй жүрип, шаӊарақлардыӊ жағдайын үйренип шығыў, оларды ойландырып жүрген мәселелерине тез шешим табыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги күнде шаӊарақлық исбилерменликти раўажландырыў, шаӊарақлардыӊ турмыс шараятын және де жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Илаж қатнасыўшыларына “Шаӊарақ ҳәм гендер” илимий-изертлеў институтында таярланған шаӊарақларды беккемлеўге байланыслы қолланбалар ҳәм “Бахытлы ҳәм беккем шаӊарақ тымсалы” темасында өткерилген социологиялық изертлеў нәтийжелери айтып өтилди. Халықаралық шаӊарақ күни мүнәсибети менен таярланған видеороликлер көрсетилди.

Дөгерек сәўбетинде Өзбекстан Республикасы Бас министриниӊ орынбасары Зулайҳо Маҳкамова шығып сойледи.

                                                                                                          ӨзА