Регина Мария Кастижио Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Балалар фонды (UNICEF)тиң Өзбекстандағы ўәкилханасына жаңа басшы тайынланды)ның Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы сыпатында жумыс баслады. Бул лаўазымға тайынланыўдан алдын Кастижио ханым усы ўазыйпаны Хорватияда ҳәм Парагвайда да атқарған. 2016-жылға шекем Боливия, Эквадор ҳәм Перуде директоры, Швейцарияда бул структураның жеке меншик сектор менен бирге ислесиў бөлиминиң баслығы ҳәм БМШ Бас хаткери Кофи Анан Атқарыў администрациясында Экономикалық ҳәм социаллық мәселелер бойынша жуўапкер хызметкер болып ислеген.
АҚШ Шығыс Вашингтон университетинде экономика ҳәм халықаралық қатнасықлар бойынша билим алып атырған тәжирийбели қәниге Индиана штатындағы Нотр-Дам университетинде мәмлекетлик басқарыў ҳәм халықаралық қатнасықлар бойынша магистрлик дәрежесин алған.
Регина Мария Кастижио испан, инглис ҳәм француз тиллеринде еркин сөйлейди. Шаңарақлы, еки перзенти бар.
Гўзал Сатторова,
ӨзА