Өзбекстан ҳәм БМШ Контртеррор басқармасы бирге ислесиў бойынша «жол картасы»на қол қойды

178

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов БМШ бас хаткериниң орынбасары, Контртеррор  басқармасының баслығы Владимир Воронков пенен ушырасты.

«Бирлескен Миллетлер Шөлкеми бас хаткериниң орынбасары, БМШтың Контртеррор басқармасының баслығы мырза Владимир Воронков пенен ушырасыўдан қуўанышлымыз», – деп жазды Өзбекстан СИМ баслығы өзиниң Telegram-каналында.

Тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы бирге ислесиў, бүгинги динамика, тек ғана регионда емес, ал глобаллық көлемде бар ҳәм келешектеги шақырықларға нәтийжели шешимлерди табыў мәселелери додаланды.

Қайтқанларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў мәселелери бойынша Орайлық Азия регионаллық экспертлер кеңеси биринши мәжилисиниң табыслы нәтийжелери көрип шығылды.

Өзбекстан менен БМШтың Контртеррор басқармасы арасында 2024-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бойынша «Жол картасы»на да қол қойылды.

Владимир Воронков басшылығындағы делегация Ташкент қаласында болып өткен Қураллы қарама-қарсылықлар зоналарынан қайтқанларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў мәселелери бойынша Орайлық Азия регионаллық эспертлер кеңесиниң биринши мәжилисинде қатнасты. Конференцияда, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери, халықаралық шөлкемлер – БМШ ҳәм ЕҚБШның жоқары мәртебели лаўазымлы шахслары ҳәм жетекши қәнигелери қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги