Пүткил жер жүзилик антидопинг агентлиги (WADA) Президенти Витольд Банька Өбекстанға келеди. Бул ҳаққында Миллий Олимпиада Комитети мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда айтылыўынша, усы жылдың 22-23-май күнлери Ташкентте Пүткил жер жүзилик антидопинг агентлиги (WADA)ниң Азия ҳәм Океания мәмлекетлери спорт министрлериниң 19-ҳүкиметлераралық мәжилиси болып өтеди. 34 мәмлекеттен делегатлар қатнасатуғын усы абырайлы илажға WADA Президенти Витольд Банька ҳәм басқа көплеген сыйлы мийманлар келеди.

15-май күни Спорт министрлигинде усы илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселелерине арналған мәжилис болып өткен.

Онда министр Адҳам Икрамов, МОК Бас хаткери Ойбек Касимов ҳәм Миллий антидопинг агентлиги директори Абдушукур Садиков, сондай-ақ, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасқан.

Ушырасыўда халықаралық илаждың күн тәртибинен орын алған мәселелер додаланып, тараўда және де исенимли қәдемлерди таслаў мақсетинде халықаралық экспертлер, мәртебели мийманлар менен рәсмий ушырасыўлар өткериў мәселелери де көрип шығылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги