Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы парламентлераралық байланыслар додаланды

177

Азия хаял-қызлар форумы шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Нарбаева Қатар Мәмлекети Мәсләҳәти кеңеси баслығының орынбасары Ҳамда бинт Ҳасан ал-Сулайтий ханымды қабыллады, – деп хабар бермекте Сенаттың рәсмий сайты.

Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы дослық қатнасықлар ҳәм шериклик байланыслары жедел раўажланып атырғанын, атап айтқанда, турақлы сиясий мәсләҳәтлесиўлер жолға қойылғанын атап өтти. Дипломатиялық байланыслар жаңа басқышқа көтерилип, мәмлекетимизде Қатар елшиханасы – Дохада болса Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханасының ашылғаны еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашып берди.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекеттиң парламентлераралық қатнасықларына итибар қаратылып, парламентлераралық топарлар ҳәм тийисли комитетлер арасындағы сөйлесиўди жедел даўам еттириў сыяқлы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Буннан тысқары, еки мәмлекет парламентлериниң ўәкиллери халықаралық шөлкемлер шеңберинде ҳәм еки тәреплеме қатнасықлардың басқа да бағдарларында және де бирге ислесиў байланысларын алып барыўға, өз-ара тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги