Өзбекстан сыртқы ислер министри орынбасары  Музаффар Мадраҳимов Германия Бундестаги “Германия—Орайлық Азия” парламент топары баслығы орынбасары Манфред Грунд пенен ушырасыў өткерди.

Сәўбетлесиў даўамында парламентлераралық  байланысты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылған ҳалда, өз-ара қатнасықларды жеделлестириў бойынша усыныслар додаланды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, илимий изертлеў орайлары арасында байланысты жолға қойыў, мийнет миграциясы ҳәм билимлендириў тараўында қосымша бағдарлама, жойбарлар көлемин кеңейтиўден өз-ара мәпдарлық билдирилди.

Келисимлер күн тәртибинен түрли дәреже ҳәм түрдеги  болажақ қосымша илажларға тийисли мәселелер де орын алды.

                                                                                                                  ӨзА