Бозатаў районы Қусханатаў аймағындағы таў дизбеклериниң биринде  “Дәўдиң уясы” деген орын бар. Бул ҳаққында жергиликли  халық арасында көп ўақыттан берли бир неше рәўиятлар айтылып келеди екен.

Әлбетте, бул гәп адамлардың қулақларына күлкили болып еситилиўи мүмкин. Былайынша қарағанда, бул жер шынында да “дәўдиң уясы” сыяқлы көринеди. Бирақ бул қызықлы ҳәм адамды ойландыратуғын жағдай десем ҳасла қәтелескен болмайман.

Бул жер район орайынан 15 км аралықта жайласқан. Ал, уяға кирер жолға шекемги аралық болса шама менен 3 метр бийикликтеги кирер жолдың аўыздың үстинги тәрепи Арка формасындағы көриниске ийе. Уяның екинши қабаты ҳәм әйнеги бар екен.

Адамлардың айтыўына қарағанда уяға киргеннен кейин ол бурылып, қысқарып барады ҳәм жоқарыға алып шығады делинген.

Мағлыўматларға бола, ҳәзирги күнде жыраның изи ўақыт өтиўи менен жаўын-шашын ҳәм қардың тәсиринен унырап орны көмилипте қалған болыўы мүмкин.

Шынында да, таўдағы бундай әжайып қубылысты бир сөз бенен айтып тәриплеп бериў мен ушын оғада қыйын. «Мың мәрте еситкеннен, бир мәрте көрген жақсы» дегениндей, сизлерге де бул жерге бир келип көрип кетиўди усыныс еткен болар едим.

Бул жердеги аймақ халқы арасында “Дәўдиң уясы” ҳаққында сиз ҳәм биз еситпеген көплеген рәўиятларда бар дейди.

Ал, мен булардың барлығын өзим ушын бир “Әпсана” деп қабылладым. Сиз ше?


Б.Тохпанов,

Бердақ атындағы ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги