Быйыл Арқа-батыс әскерий округине өзлериниӊ жигитлик миннетин өтеў ушын келген жаслардыӊ Ўатанды қорғаўға салтанатлы ант қабыл етиў мәресими болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиӊ биринде болып өткен салтанатлы илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиӊ ўәкиллери, мүддетли әскерий хызметкерлердиӊ ата-аналары ҳәм жақынлары қатнасты.

Әскерий оркестр намалары астында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Илажда Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы,  генерал-майор Фарҳоджон Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Ражаббай Нуразизов, Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Улуғбек Абдураҳимов  ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизди қорғаўдай муқаддес миннетин орынлаўға кирискен мүддетли әскерий хызметкерлерди қутлықлады. Ўатанға ант етиў  – ҳәр бир жигиттиӊ өзи туўылып өткен жерине, халқына меҳир-муҳаббаты, садықлығыныӊ айқын көриниси болып табылады. Хызмети даўамында республикамыздыӊ ҳәм Хорезм ўәлаятыныӊ бай миллий мәдений мийрасын тереӊ үйренип, әскерий кәсипти меӊгерип, билим және көнликпелерин турақлы арттырып барыўына тилеклеслик билдирди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ әскерлерге саўғасы сыпатында “Өзбекстан тарийхы” ҳәм “Темур тузиклери”  китаплары саўға етилди. Ҳәр бир әскерге Арқа-батыс әскерий округи сәркардасыныӊ жоллаған қутлықлаўы оларда ҳәм ата-аналарында ант қабыллаў мәресиминен умытылмас ўақыя болып қалады.

Илаж қатнасыўшыларына “Айқулаш” мәмлекетлик фольклор ансамбли ағзалары ҳәм белгили қосықшылар тәрепинен атқарылған миллий қосық ҳәм аяқ-ойынлар өзгеше заўық бағышлады. Салтанатлы илажда ант қабыл еткен әскерлерге байрам дастурханы жайылып, оларға жақынлары менен дийдарласыў имканияты жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги