Бул ҳуқықый ҳүжжеттиң әҳмийети

Соны атап өтиў керек, өткен еки жыл ишинде Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексиниң жойбары ислеп шығылды. «Сайлаў кодексиниң актуаллығы ҳәм әҳмийети неде?» деген сораў туўылыўы тәбийғый.

Биринши себеби: бул сораўдың жуўабы сиясий турмысымызда үлкен әҳмийетке ийе болған сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелиятының ҳәзирги жағдайы менен тиккелей байланыслы болып табылады. Президентимиздиң атап өткениндей, бул бағдарда қабыл етилген нызамлар ҳәм бир қатар нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер елеге шекем толық бир ҳүжжет қәлпине келтирилмеген.

Бул ҳақыйқый пикирди тастыйықлаў ушын сайлаўларға байланыслы әмелдеги 5 Нызамды санап өтемиз:

  1. 1991-жыл 18-ноябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы Нызам;
  2. 1993-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында»ғы Нызам;
  3. 1994-жыл 5-майда қабыл етилген «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Нызам;
  4. 1998-жыл 30-апрельде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында»ғы Нызам;
  5. 1994-жыл 5-майда қабыл етилген «Пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызам.

Екинши себеби: сайлаўларға байланыслы әне усы бес Нызамның бәринде пуқаралардың сайлаў ҳуқықларына байланыслы дерлик бирдей нормалар қайталанған. Сайлаўға байланыслы нызамлардың көплиги де пуқаралар тәрепинен оларды қолланыўда белгили бир қыйыншылықларды жүзеге келтирип атырған еди.

Үшинши себеби: усы ўақытқа шекем елимизде сайлаў процесслерине таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң процедуралары нызам дәрежесинде емес, ал Орайлық сайлаў комиссиясының режелери ҳәм инструкциялары менен тәртипке салынатуғын еди. Мәселен, «Сенат ағзаларын сайлаў ҳаққындағы Реже»ни алайық. Бундай ўақыя өз-өзинен, Президентимиздиң алдымызға қойған, яғный нызамлар тиккелей орынланатуғын болыўы керек, деген әҳмийетли талапқа қарама-қарсы.

Төртинши себеби: ҳәзирги күнде дүньяның 40 мәмлекетинде Сайлаў кодекслери қабыл етилген. Өзбекстанда да халықаралық норма ҳәм стандартларға жуўап беретуғын бирден-бир Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў зәрүрлиги туўылды.

Бесинши себеби: кейинги дәўирде әмелдеги 17 кодекстен алтаўы, яғный Бюджет, Салық, Бажыхана, Жер, Турақ жай, Қала қурылысы кодекслериниң қабыл етилгени реформалардың ҳәзирги басқышында елимиз турмысының ең әҳмийетли тараўларын кодекслер менен тәртипке салыўға өтилгенинен дәрек береди. Сайлаў кодекси жойбарының ислеп шығылыўы бул нызам дөретиўшилиги дәстүриниң үзликсиз даўамы болып табылады.

Алтыншы себеби: Сайлаў кодекси жойбарында бүгинги күнге шекем пытыраңқы ҳалда әмел еткен сайлаў ҳаққындағы нызамлар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди халықаралық норма ҳәм стандартлар және алдынғы сырт ел тәжирийбеси талапларынан келип шығып кодификациялаў, сайлаў процесине бирден-бир ашық-айдын ҳәм нәтийжели қатнас жасаў нәзерде тутылған.

Бул, өз гезегинде, Кодекс жойбарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылып атырған бес толық нызам ҳәм оларға киргизилген өзгерислер ҳаққындағы 17 нызам өз күшин жойытатуғынын аңлатады.

Акмал САИДОВ,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы

Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес

шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзи-өзи басқарыў уйымлары

 комитетиниң баслығы

«Халқ сўзи»  газетасы

2019-жыл 16-февраль №33 (7263)