Ҳәзирги ўақытта өзиниң бос ўақытларын социаллық тармақларда өткермейтуғын ямаса тармақлардан улыўма пайдаланбайтуғын адамларды табыў оғада қыйын. Ал, тармақтан пайдаланыў айырым адамлардың өмириниң ажыралмас бөлегине айланып кеткен.

Социаллық тармақлар адамлардың абырой-мәртебесин де белгилеп беретуғын факторға айланды, десек қәтелеспеген боламыз. Социаллық тармақтағы жеке бетине жазылыўшылар саны көп болса, демек, сол адам абыройлы болып табылады.

Социаллық тармақлар қәлесек те, қәлемесек те өмиримизге кирип барар екен, онда нелерди жәрияламаў керек екенлигин де билип отырған мақул болады.

 

1) Жеке ҳүжжетлердиң сүўретлери

Социаллық тармақларда жеке ҳүжжетлер – паспорт, транспорт басқарыў гүўалығы ҳәм т.б. сүўретлерин жәрияламаў керек. Себеби, булардан унамсыз мақсетте пайдаланатуғынлар да ушырасып қалады.

 

2) Самолёт билетлериниң сүўретлери

Қуўанышымыз қойнымызға сыймай турғанда, оны социаллық тармақлардағы досларымыз бенен бөлискимиз келеди. Әсиресе, сырт еллерге саяхат етиў ушын билет сатып алғанда, оны дәрриў сүўретке түсирип, тармақта жәриялап жиберемиз. Бул сизиң қашан, қай жерге баратырғаныңыз, үйде қашан болмайтуғыныңыз ҳаққында толық мағлыўмат береди.

 

3) Банк карталары

Жеке өзиңизге тийисли болған банк карталарының сүўретлерин жәриялаў орынлы емес. Ондағы барлық мағлыўматлар көринип турса, ойламаған жерде пулыңыздан айырылып қалыўыңыз мүмкин.

 

4) Көп муғдардағы ақша

Социаллық тармақларда көп муғдардағы ақшаңыздың бар екенлигин көрсетип мақтаныў ямаса рети келгенде көп ақша менен сүўретке түсип, жәрияламаў керек.

 

5) Басқа биреўлердиң сүўрети

Басқа биреўлердиң сүўретин өз профилине қойып алатуғын пайдаланыўшылар да ушырайды. Этикалық көз-қарастан буны сүўрет ийесинен сорап, кейин қойған мақул. Себеби, олар кейин ала сизиң үстиңизден шағым ететуғын болса, тармақтағы өз бетиңиз блокланыўы ямаса жуўапкершиликке тартылыўыңыз мүмкин.

 

6) Өтирик хабарлар (фейк хабарлар)

Социаллық тармақларда қандайда бир хабарды тарқатыўдан алдын оны тексерип көриў керек. Егер ол өтирик (фейк) хабар болып қалса, сиз өз досларыңыз алдында усындай хабарларды тарқатыўшыға айланып қалыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.