Азия раўажланыў банки Япония ҳүкимети менен биргеликте Азия-Тыныш океаны регионындағы университетлерде оқыўды қәлеген магистратура ҳәм аспирантура студентлери ушын 150 стипендия усыныс етпекте. Стипендия экономика, менеджмент, илим, техника сыяқлы тараўларды раўажландырыў менен байланыслы қәнигеликлерде оқыў ушын төленеди. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.

Стипендия төмендегилерди тәмийинлеп береди: билим алыў ушын толық төлем, ҳәр айда стипендия, жасаў, оқыўлық қолланбалар ҳәм материаллар, транспорт қәрежетлери, медициналық қамсызландырыў.

Айрықша жағдайларда (тил үйрениў, компьютер бағдарламаларын үйрениў) таярлық курслары ушын да төлеп бериледи.

Стипендия бир жылға бериледи. Оқыў табыслы даўам еттирилсе, бул мүддет узайтылыўы мүмкин. Атап айтқанда, бул мүддет магистратура ушын еки жыл, аспиратура ушын үш жылды қурайды.

 

Талаплар:

Азия раўажланыў банкине ағза мәмлекетлердиң (Өзбекстан ағза есапланады) бириниң пуқарасы болыў;

35 жастан үлкен болмаў (айырым бағдарламалар ушын 45 жастан);

Бакалавр ямаса оның алтернативине ийе болыў;

Ең жақсы академиялық дәрежеге ийе болыў.

 

Стипендия алыў ушын бул бағдарламаның бирге ислесетуғын университетлериниң бирине магистратура ямаса аспирантураға оқыўға кириў керек. Кириўде талабан Азия раўажланыў банки стипендиясына талапкер екенлигин көрсетип өтиўи керек. Арзаны оқыў басланыўына алты ай қалғанда кириў ушын ҳүжжетлер топламы менен бирге бериў керек. Стипендия ушын арза бериўде талабанның ақырғы жылдағы дәраматлары сәўлеленген салық декларациясы усынылыўы керек. Сондай-ақ, шаңарақлық дәраматы менен байланыслы (ата-аналар дәраматы) ҳүжжетлер де қосып тапсырылады.

Оқыў жуўмақланғаннан соң студентлер өз елине қайтып, сол жердиң социаллық-экономикалық раўажланыўына үлес қосыўы шәрт.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги