2019-жыл январь айының жуўмақларына қарағанда, республикада сыртқы саўда айланысы 3 351 428,8 мың АҚШ долларын қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 26,8% ке өсти. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистикалық комитети хабар берди, деп жазады «Халқ сўзи онлайн».

Соның ишинде, экспорт көлеми 1 675 729,9 мың АҚШ долларына (өсиў дәрежеси 16,6%) ҳәм импорт көлеми 1 675 698,9 мың АҚШ долларына (өсиў дәрежеси 38,9%) жетти. Сыртқы саўда сальдосы 31,0 мың АҚШ долларын қурады.

Мағлыўматта жазылыўынша, 812 млн АКШ долларына алтын экспорт етилген. Өткен жылы январь айында болса экспорт көлеми 1,4 млрд долларды қурап, бунда алтынның үлеси 846 млн доллар болған еди.

Экспорт етилип атырған товар ҳәм хызметлердиң тийкарғы бөлеги Қытай Халық Республикасы ҳәм Россия Федерациясының үлесине туўра келмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги