Инглис тилин билиў дәрежеси бойынша халықаралық рейтингде үйренилген 88 мәмлекеттен Өзбекстан 86-орында, Азияда болса үйренилген мәмлекетлер арасында ақырғы орынды бәнтлеген. Бул ҳаққында Uz24 хабар берди.

Өткерилген анализлер нәтийжесинде мәмлекетте инглис тилин билиў дәрежеси менен, ол жердеги турмыс дәрежеси, халықтың дәраматлары, хызметлер экспорты, илимий потенциал, кадрлардың бәсекиге шыдамлылығы сыяқлы бир қатар көрсеткишлер арасында унамлы байланыс бар екенлиги анықланған.

Бул бағдарда болса ең баслы қәдемлердиң бири, бул ҳәзирги ўақыттағы жағдайды үйрениў, әсиресе, муғаллимлердиң инглис тилин билиў дәрежелерин объектив баҳалаў, деп жазады Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов өзиниң социаллық тармақтағы бетинде.

Министрдиң мәлим етиўинше, IELTS, TOEFL сыяқлы халықаралық имтиханларды барлық муғаллимлерде өткериў оғада қымбатқа түсиўи есапқа алынып, Швецияның EF компаниясы жәрдеминде барлық муғаллимлердиң бийпул билимин баҳалаў бойынша келисимге ерисилген.

Бул имтиханлардың нәтийжелери халықаралық CEFR дәрежелери менен сәйкес келеди. Буннан соң, инглис тили муғаллимлериниң тәжирийбесин арттырыў бойынша анық бағдарлама ислеп шығылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги