Пахта санаатында мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша халықаралық кампания – Cotton Campaign Өзбекстан ҳүкимети делегациясы менен сөйлесиўлерден соң, Өзбекстан пахтасының бойкотын сақлап қалыўға қарар етти. Бул мәжбүрий мийнет толығы менен жоқ етилмегенге шекем сақланып турады, деп жазады Kun.uz.

Быйылғы жылдың февраль айының басында Cotton Campaign ўәкиллери Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Танзила Нарбаева, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Шерзод Кудбиев және «Өзтоқымашылықсанаат» басқарыў директоры Илҳом Ҳайдаров пенен ушырасты.

Cotton Campaign сайтында хабар етилиўинше, сөйлесиўлер ўақтында ҳуқық қорғаўшылары Өзбекстанда мәжбүрий мийнетти сапластырыў ушын қабыл етилген илажларды жоқары баҳалады. Соның менен бирге, мәмлекетте мәжбүрий мийнет толық сапластырылмағаны ҳәм бул бойынша көп жумыслар ислениўи кереклиги жазылған.

Бас министр орынбасары Танзила Нарбаева басшылығындағы Өзбекстан ҳүкимети делегациясы 4-февраль күни АҚШқа сапар етип, халықаралық шөлкемлер менен Өзбекстан пахтасының бойкоты бойынша сөйлесиўлер өткерди.

Еслетип өтемиз, инсан ҳуқықлары бойынша онлаған шөлкемлерди қамтып алған Cotton Campaign халықаралық коалициясы 2010-жылы Өзбекстан пахтасын бойкот етиў бойынша кампанияны баслаған еди. Бойкотқа Nike, Zara, GAP, Levi’s, H & M, UNIQLO сыяқлы дүньяға белгили брендлер де қосылған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги