Министрлер Кабинетиниң «Арал теңизи түбиндеги суўы қурыған аймақларда «жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын пайда етиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң:

Арал теңизиниң суўы қурыған түбинде «жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын пайда етиў;

«Жасыл қапламалар» пайда етиў ушын 2019-жыл даўамында «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң Қаржы министрлиги жанындағы Арал бойы аймағын раўажландырыў қоры алдындағы қарыздарлығы есабынан басқышпа-басқыш 100 млрд сум муғдарында қаржы ажыратылыўы ҳаққындағы усынысларына келисим берилди.

Арал теңизиниң суўы қурыған аймағында 2019-жыл бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде «жасыл қапламалар» пайда етиў көлемлери тастыйықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.