ЖДСШ Европа регионаллық бюросының жоқары дәрежедеги сессияларының бири Стамбул қаласында өткерилмекте.

Туркияның Стамбул қаласында Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми Европа регионаллық бюросының Денсаўлықты сақлаў тараўындағы айрықша жағдайлардан адамларды қорғаў бойынша хәрекетлерди бирлестириў темасына бағышланған жоқары дәрежедеги министрлер мәжилиси болып өтпекте. Онда ЖДСШ Европа регионаллық бюросына ағза 53 мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў министрлери, халықаралық экспертлер, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмонов басшылығындағы делегация да қатнаспақта.

Бул үш күнлик мәжилисте медицина тараўында глобаллық дәрежедеги мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылмақта. Соның ишинде, айрықша жағдайларда денсаўлықты сақлаў нәтийжелилигин арттырыў бойынша миннетлемерди күшейтиў ҳәм орынланыўына айрықша итибар қаратыў бойынша ҳәр тәреплеме додалаўлар мәжилис қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятпақта.

  Додалаўлар сессияларға бөлинген ҳалда даўам етти. Соның ишинде, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмоновтың басшылығында өткен жуўмақлаўшы жалпы мәжилисте аймақта денсаўлықты сақлаў бойынша 2023-жылға шекемги ҳәм оннан кейинги раўажланыў басқышлары кең түрде додаланды.

Ҳақыйкатында да, айрықша жағдайларда саламатлық ушын барлық қәўиплерге қарсы жетерли дәрежеде қорғаныўды тәмийинлеў ушын миллий ҳәм улыўмалық социаллық қатнасқа тийкарланған сиясий миннетлеме ҳәм жоқары дәрежедеги финанслық жәрдем талап етиледи. Сол себепли жәмийет денсаўлығына қәўиплердиң алдын алыў, оларды таярлаў, анықлаў ҳәм тәртипке салыў, зәрүр жағдайларларда ағза мәмлекетлерге жәрдем бериў ушын миллий стратегиялық имканиятларды беккемлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў әҳмийетли орын ийелейди.

Жоқары дәрежедеги министрлер мәжилиси даўам етпекте.

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң

Мәлимлеме хызмети

 

ӨзА