2019-жыл 6-февраль күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда мәмлекетимиз турмысының түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.

Мәжилисте депутатлар дәслеп «Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Doing business» жыллық есабатында Өзбекстан Республикасының рейтингин буннан былай да жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодексине қосымша өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын ҳәр тәреплеме додалады.

Президентимиздиң 2018-жыл 13-июльдеги тийисли қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған бул жойбарға бола, экономикалық ислер бойынша судтың додалаўларында жәриялылықты тәмийинлеў мақсетинде Экономикалық процессуаллық кодексине судтың нызамлы күшке кирген шешиўши қарарларын (жабық суд мәжлислеринде шығарылған шешиўши қарарлары буған кирмейди) тәреплердиң келисими менен Өзбекстан Республикасы Олий судының рәсмий веб-сайтында жәрияланыўы шәрт екенлигине байланыслы нормалар киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде суд додалаўларында жәриялылық оны видеоконференцбайланыс режиминде өткериў, онлайн тәризде де жеткерип бериў және аудио ямаса видеожазыўға алыў жолы менен тәмийинленбекте. Суд  додалаўларында ашық-айдынлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеўдеги кейинги қәдем болса, судтың шешиўши қарарларын интернет тармағында, соның ишинде, Олий судтың рәсмий веб-сайтында жәриялаў болып есапланады.

Сондай-ақ, бул нызам жойбары Экономикалық процессуаллық кодексине экономикалық судлар тәрепинен даўа суммасы аз муғдарда болған келиспеўшиликлерди әпиўайыластырылған тәртипте көриў ҳаққындағы нормалар киргизиўди де нәзерде тутады. Оған бола, салық төлеўшиниң салық қарызын оның мүлкине қаратыў талабы бойынша, егер даўа суммасы юридикалық шахслар ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 20 есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 5 есесинен аспаған муғдарда болса, даўа арзасы бойынша жумысты әпиўайыластырылған тәртипте көриўди белгилеў усыныс етилмекте.

Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитети тәрепинен нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў даўамында жойбардың усыныс етилген атамасы өзгертилди, 4 жаңа норма киргизилди, 3 норма алып тасланды. Додалаўлар даўамында жойбардың дерлик барлық нормасы редакциялық жақтан дүзетилди.

Депутатлардың пикиринше, нызамшылыққа киргизилип атырған бундай жаңалықлар суд ислерин жүргизиў системасына әпийўайыластырылған тәртип-қағыйдаларды енгизиў, жумысларды оператив түрде көрип шығыў, белгили түрдеги келиспеўшиликлер бойынша шешиўши қарарларды бақлап барыў имканият береди. Ең әҳмийетлиси, Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Doing business» жыллық есабатында Өзбекстанның көрсеткишлерин буннан былай да жақсылаўға хызмет етеди.

Бизге белгили, бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўлардағы реформаларды әмелге асырыўда парламент ҳәм ҳүкиметтин өз-ара бирге ислесиўи әҳмийетли орын ийелейди. Соннан келип шығып, парламентте қабыл етилип атырған нызамлардың сапалы таярланыўы ҳәм бул бағдарда нызамшылық ҳәм атқарыў ҳәкимияты арасындағы мәселелерди оператив түрде шешиў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң Олий Мажлистеги ўәкилликли ўәкили лаўазымы енгизилген еди.

Мәжилисте депутатлар тәрепинен додаланған әҳмийетли мәселелерден бири әне усы ўәкилликли ўәкил институти енгизилиўи мүнәсибети менен бир қатар нызамларға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары есапланады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиндеги ўәкилликли ўәкили лаўазымының енгизилиўи мүнәсибети менен, 2018-жылдың 23-июлинде «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы нызамға тийисли қосымшалар киргизилген. Бул нызам Министрлер Кабинетиниң Олий Мажлистеги ўәкиликли  ўәкилиниң ҳуқықый статусын нызам дәрежесинде беккемлеўге, ҳүкиметтин парламент палаталары менен бирге ислесиўиниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин буннан былай жетилистириўге, оның нызам дөретиўшилиги процесинде нәтийжели қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Соннан келип шығып, бул жойбар менен парламент жумысын тәртипке салатуғын басқа да бир қатар нызам ҳүжжетлерине тийисли қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Депутатлардың қызғын додалаўынан өткен гезектеги мәселе болса, «Халықаралық мийнет шөлкеминиң Халықаралық мийнет нормалары қолланылыўына жәрдемлесиў ушын үш тәреплеме мәсләҳәтлесиўлер ҳаққындағы 144-санлы конвенциясын (Женева, 1976-жыл 21-июнь) ратификациялаў хаққында»ғы нызам жойбары болды.

Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-августтағы қарары менен тастыйықланған «Жол картасы»на муўапық ислеп шығылған.

Додалаўлар ўақтында айтып өтилгениндей, Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ)ниң 144-санлы конвенциясы исбилерменлер ҳәм мийнет етиўшилердиң еркин, ғәрезсиз шөлкемлер дүзиўге болған ҳуқықларын беккемлейтуғын ХМШ конвенциялары, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы ратификациялаған 87-санлы ҳәм 98-санлы конвенциялардың қағыйдаларынан келип шығады. Оның мақсети ХМШ жумысына байланыслы мәселелер, соның ишинде, бул шөлкемниң конвенцияларын ратификациялаў ҳәм оларды қолланыў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик  уйым тәрепинен көрилген илажлар ҳаққында усы уйым тәрепинен ХМШға жыллық мағлыўматларды усыныў бойынша мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, исбилерменлер ҳәм мийнет етиўшилер ўәкиллери арасында миллий дәрежедеги үш тәреплеме мәсләҳәтлесиўлердиң нәтийжелигин тәмийинлеўден ибарат.

139 мәмлекет, атап айтқанда, Армения, Беларусь, Әзербайжан, Россия, Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан сыяқлы ҒМДА мәмлекетлери қосылған бул конвенцияның ратификацияланыўы халықаралық мийнет стандартларын миллий нызам ҳүжжетлерине енгизиўге, ХМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен байланысларда Өзбекстанның унамлы имиджин қәлиплестириўге жәрдемлеседи.

Буннан соң депутатлар «Пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын қорғаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.

Бул нызам жойбары бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы тийкарында ислеп шығылған болып, халықтың репродуктивлик саламатлығын қорғаў нәсилсизликтиң алдын алыў ҳәм емлеў тараўындағы социаллық қатнасықларды тәртипке салыўды нәзерде тутатуғынын атап өтиў керек. Жойбарда саламат шаңарақты қәлиплестириў, заманагөй медицина технологияларынан пайдаланыў, ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығын тәмийинлеўде оларды ҳәмиледарлыққа шекем, ҳәмиледарлық ўақтында, туўыў ҳәм туўыўдан кейинги ўақытта емлеўдиң заманагөй усылларын қолланыў сыяқлы мәселелер өз сәўлелениўин тапқан.

Додалаўлар ўақтында атап өтилгениндей, бул нызамның қабыл етилиўи пуқаралардың репродуктивлик ҳуқықларын тәмийинлеўге, нәсилсизликти нәтийжели емлеўге, пуқаралардың ата-ана болыўына, шаңарақта бахыт ҳәм абаданлыққа ерисиўине тийкар жаратады. Пуқараларға жоқары технологияларға тийкарланған сапалы ҳәм жоқары қәнигели медициналық хызмет көрсетиў имканиятын арттырады, сондай-ақ, жеке меншик медицинаны және де раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарларын беккемлейди. Ең әҳмийетлиси, мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўында айрықша социаллық  әҳмийетке ийе  шаңарақтың беккемлигин тәмийинлеўге жәрдем береди.

Қызғын пикир таласлар, додалаўлар ҳәм тартысыўлардан соң нызам жойбарлары қабыл етилди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

 Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети

 

ӨзА