Елликқала районындағы Әмир Темур атындағы ботаника бағында «Гүл өсириўди раўажландырыў» атамасында шеберлик сабағы болып өтти.

Өзбекстан жас фермерлери Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен өткерилген илажға районның жас фермерлери, Елликқала көркем өнер ҳәм педагогика колледжиниң оқыўшылары қатнасты.

Илажда районлық «Жаслар келешегимиз» қоры филиалының бас қәнигеси Д.Атажанов, Әмир Темур атындағы ботаника бағының жуўаплы хызметкери Ж.Сулаймановлар бул жерде өсирилип атырған мийўели ҳәм саяманлы тереклер, түрли гүллер менен таныстырды. Қәнигелердиң атап өткениндей, бул жерде 300 ден зыят, соның ишинде отыздан аслам сырт еллерден алып келинген гүллер өсирилмекте. Буннан 12 жыл бурын алып келинген Палма тереги жасларда айрықша қызығыўшылық оятты. Ботаника бағының жуўаплы хызметкери Ж. Сулайманов бул бойынша кең түрде түсиник берди. Буннан кейин бизиң ықлым шараятымызға бейимлескен гүллер бойынша шеберлик сабағы өткерилди. Онда оқыўшыларға гүллерди егиў ушын жер таңлаў, таярлаў, егиў, суўғарыў, төгин бериў, қатар араларына тәрбия бериў, путаў, кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў бойынша мағлыўмат берилди ҳәм үйретилди.

Өткерилип атырған бундай илажлар жасларымызды Ана тәбиятымызды қәстерлеп сақлаўға, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына белсене қатнасыўға, үй қапталы қыйтақ жерлерине түрли тереклер ҳәм гүллер егиўге рухландырады.

Жалғасбай ЖАРТЫБАЕВ,

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти.