Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ жеткерип бериў және тутыныў тараўында төлеў тәртибин еле де беккемлеў, сондай-ақ, атқарыў жумысын жүргизиў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққындағы Президент пәрманына өзгерислер киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Киргизилген өзгерислерге муўапық, тутыныўшыларға энергия жеткерип бериў тутыныўшылар тәрепинен мүрәжат етилгенде 50 процентлик алдын ала төлем тийкарында да әмелге асырылады. Алдын энергия тек ғана 100 процентлик алдын ала ҳақы төленген жағдайда ғана жеткерип берилген.

Алдын ала ҳақы төленбеген, 50 процентлик ҳақы төлейтуғын тутыныўшылар тәрепинен айдың ақырына шекем жуўмақлаўшы ҳақы төленбегенде, бул тутыныўшыларға электр ҳәм газден толық үзип таслаўға шекемги болған шаралар қолланылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.