Инвесторлар тәрепинен Мойнақ районында казино (ойын бизнеси) шөлкемлестириў мәселеси бойынша усыныслар берилген. Бул ҳаққында «Daryo.uz»ға Бас прокуратураның баспасөз хызмети баслығы Сурайё Раҳмонова мәлим етти.

«Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў көз-қарасынан инвесторлар тәрепинен көплеген инвестициялық жойбарлар усыныс етилмекте. Бас прокуратура тийисли министрлик ҳәм ведомостволар менен бул усынысларды үйренбекте. Казино (ойын бизнеси) мәселеси бойынша да усыныслар келип түскен, оны әмелге асырыўдың барлық аспектлери үйренип шығылмақта», – дейди Сурайё Раҳмонова.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда казинолардың жумысы нызам тийкарында қадаған етилген.

Буннан алдын ҳәзирги ўақытта тийисл нормативлик акт таярлаў бойынша Бас прокуратура тәрепинен жумыслар алып барылып атырғаны ҳаққында New Muynak City каналы мәлим еткен еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги