Усы жылдың 4-8-февраль күнлери аралығында республикамыздағы социаллық қорғаўға мүтәж, имканияты шекленген балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды «Бәркамал әўлад» балалар орайларының дөгерек жумыслары менен жақыннан таныстырыў ҳәм усы арқалы заманагөй кәсиплерге бағдарланған дөгереклерге тартыў мақсетинде «Меҳрийбанлық үйи» ҳәм арнаўлы мектеп интернатларының тәрбияланыўшыларына «Сен жалғыз емессең!» сүрени астында көргизбе ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳәптелиги өткерилмекте.

– 4-февраль күнинен баслап Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар орайы  жәмәәти Хожели районындағы «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыўшыларына көргизбе ҳәм үгит-нәсиятлаў илажын өткерди. «Сен жалғыз емессең!» сүрени астындағы бундай илажлар енди ҳәр ҳәптеде бир мәрте өткериледи. Себеби, бундай илажды өткергенимизде сол жердеги тәрбияланыўшылардың тоқымашылыққа, тигиншиликке, сүўретлеў ҳәм аспазлық өнерлерине болған қызығыўшылығы жоқары дәрежеде екенлигин сездик, – дейди Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар орайы директорының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары  Қәдирбай Исмайлов. – Сондай-ақ, илаж даўамында үй шараятында оқытылып атырған имканияты шекленген оқыўшылардың үйине барып дөгерек шынығыўлары өткерилип, орайда шөлкемлестирилген дөгереклер менен жақыннан таныстырылып, оларға орай жәмәәти тәрепинен таярланған 9 атамадағы дөгерек жумыслары ушын зәрүр болған қураллар тапсырылды.

Бундай илажлар республикамыздың барлық районларында 8-февральға шекем даўам етеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы