Бул ҳаққында Президенттиң «Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген, деп жазады Daryo.uz.

Пәрманда атап өтилиўинше, ғәрезсизлик жылларында Өзбекстанда халықты дизимге алыў өткерилмеген. Халықтың санына, жас-жыныс қурамына кескин тәсир көрсеткен өзгерислер, республика аймағындағы халықтың жайласыў өзгешеликлери ҳәм басқа социаллық-демографиялық өзине тән өзгешеликлер халықтың әмелдеги есабына байланыслы мағлыўматларды қоллаўды сезилерли дәрежеде шеклемекте.

БМШ 2015-жыл 10-июньдағы «2020-жылы халық ҳәм турақ жай қорын дизимге алыў бағдарындағы принциплер ҳәм усыныслар» резолюциясына сүйене отырып, ағза мәмлекетлерди 2020-жылы Дүнья жүзи халқы ҳәм турақ жай қорын дизимге алыў бағдарламасы шеңберинде халық ҳәм турақ жай қорын дизимге алыўға байланыслы халықаралық және ҳуқықый усынысларды есапқа алған ҳалда кеминде бир мәрте халық ҳәм турақ жай қорын дизимге алыўды өткериўди қатаң түрде талап етеди.

Ҳүжжет тийкарында, Өзбекстанда 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериў концепциясы;

Өзбекстанда 2022-жылы халықты дизимге алыўға байланыслы комплексли илажлар бағдарламасы;

Өзбекстанда 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериўге жәрдемлесиў бойынша республикалық комиссия қурамы тастыйықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери жанында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериўге жәрдемлесиў бойынша аймақлық комиссиялар шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Мәмлекетлик статистикалық комитети, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлигине басқа мәпдар министрлик ҳәм ведомостволар менен биргеликте 2019-жыл 1-июльға шекем «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шығыўы ҳәм ҳүкиметке киргизиўи тапсырылды.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда ақырғы мәрте халықты дизимге алыў процеси 1989-жылы өткерилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги