Жумыстан тал түсте, тас қайрақтай асфальт көшемиз бойлап үйге киятырсам жуўанлығы ҳәм узынлығы оқлаўдай, сары-ала жылан күн нурына шағылысыўы менен серпиле қашты. Жыллы-жыллы сөйлесең жылан ҳәм ининен шығармыш. Бир қоңсымыз суў тармақларын жөнлемекши болғанда қулақ аўзындағы салқын жерине шыйратылып, қыбыр етпей жатырғанының тынышлығын бузыпты. Дәстүр бойынша үйдеги жыланның басына қатық қуйып шығарыўды ойлағаны менен ысылдап айбат шеккен. Түри суўық жыланның сүйреңлеген тилин суўырыў кимлердиң қолынан келсин…

Бәрше жанлы мақлуқлар сыяқлы жыланлар да адамларға үйирсек. «Жыланнан ҳәм адам қорқа ма?» Елеге дейин үйлерге ат пенен сыйырлардың қуйрықларына жабысып, қой-ешкилер болса шақларына орап келиседи. Ҳәр бир адамның көзлерине көринип ямаса көринбей жүретуғын «ақ жылан»лар боларын бил. «Суў жылан», шөплердеги «көк жылан», қумдағы «оқ жылан»лар шақпайды. Қырдың жыланы, «сары үйек» ғана уўлы. Шақса сеспей қатырады» деген атамыздың сөзлерине исенер, исенбесимизди билмей жүрдик.

Жыланлар анда-санда гөне тамлардың жарықларына шубатыла кирип, шубатыла шыққан  гезлери көзге түсип қалысар еди. Ғурық басқан таўықлар ғоқақлап, шымшықларда шырылдата, астыларына басқан мәйеклерин сорығанлары болмаса «жылан шағып өлтирди» деген адамды еситпедик.

Газетада жаңа жумыс баслаған күнлеримде салыгершилик хожалықларының бирине дөретиўшилик сапары менен барып қалдым. Хожалық баслығы Ернияз аға менен күндиз атыз аралап, кеште мийўели бағдың ортасындағы пайызлы мийманханасында бирге аўқатландық.

– Қашан орым-жыйын тамам болғанша бизлердики усы жүрис. Атызлардағы орып түйекленген дәнди күндегисин күнде тазалап, қабыллаў пунктлерине жиберип қайтамыз. Анаў, қапысы ашық турған бөлмеге төсек салыўлы, хожалығымызға мийман болып келген ел ағалары жатқан сыйлы орын. Жас жигитсең, келешегиң алдыңда, – деп кеўлимди хошлап қойды.

Бирден уйқым келмегенге қойын дәптершемдеги жазыўларымды көзден өткерип, ойлана-толғаныў менен бираз ўақыт өткердим. Дәлиздеги жанған светтиң жарығы жататуғын бөлмеме түскенге төсек орныма отырғанымды билемен, суў ағызылатуғын резинка шлангадай бир нәрсе былқ-сылқ етти. Көзиң жақсылық көрсин, қарасам орамы кепшиктей шубар ала жылан қыбыр етпей жатыр. Күн салқын болса жыланның шақпасын еследим. Жай-парахат есиктен шыға беристе изиме қайырыла қарасам көзлери моншақтай жылтырап, айыр тиллерин жалаңлатыўы менен басын қақшаңлатты. Күн бултлы болғанлықтан түн тастай қараңғы, узақта жылтырап көринген, дән тазалайтуғын зардағы агрегатлар дүкилдеп ислеген жаққа қарай жүрдим. Ернияз ағамыз еле айланшықлап, үйине  қайтпапты. Мени көриўден, «Аманлық па, иним!» деп ҳаўлықса «Үйиңизден жылан шықты. Төсек  орнымда жатыр» дегениме мыйық тартып:

– Кеширерсиз, қонақ! Бағдың ортасында жыланның ордасы барын билсек те ҳеш кимге зыяны тиймеген соң бузыўға қолларымыз бармай жүрипти.

– Ордалы жыланлар қуйма алтынлар бағып жатырмыш!

-Қәйдем, жыланлар зықналығына барып, қонақларымызды ара-тура қорқытқаны болмаса еле алтынларын үлестирмеди. Мәйли-дә, ҳәзилиң жарасса атаң менен ойна. Таң атыўға жақынласты, үйге барып, азырақ та болса көз шырымын алайық, – деп жол баслағанда қайтып жылан ҳаққында сөз қозғамады.

Тас көшемиз бойлап атлыға қашқан жыланды машиналардың дөңгелеклери таплап кетер деген қәўетерге түсип, әдеўир жерге шекем гүзетсем қәўипсиз, қалың шөпликке тығылғанын абайлап, жаным жай тапқандай болды…

Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ,

жазыўшы, журналист