Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-ноябрьдеги «Пуқаралардың үйлериндеги ысытыў системасы ҳәм жанылғы өнимлеринен пайдаланыўда қәўипсизлик талапларына бойсыныўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 3-ноябрьдеги усы мазмундағы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарар талапларын өз ўақтында ҳәм толық орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен мәжилис өткерилип, Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардың ҳәкимликлерине тапсырмалар берилип, ҳәкимликлерде Оператив штаб ҳәм республика аймағында жумыс алып баратуғын 64 жумысшы топар шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги ўақытта усы топарлар пуқаралар арасында газ ийисинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ушырасыўлар өткерип, үгит-нәсият жумысларын әмелге асырмақта.

Шөлкемлестирилген жумысшы топарларға район(қала) ҳәкимликлери, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Айрықша жағдайлар басқармасы, Өрт қәўипсизлиги басқармасы, газ ҳәм электр тармақлары кәрханалары, «Мәҳәлле» ҳәм «Нураний» фондлары, Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамынан, жәми 585 қәниге тартылған.

– Жумысшы топарлар тәрепинен усы күнге шекем республикамыз бойынша 894 рейд өткерилип, рейдлер даўамында 42223 үй тексерип шығылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының хызметкери, лейтенант Е.Жүзбаев. – Тексериўлер даўамында жәми 1920 кемшилик анықланып, усы кемшиликлердиң 1829ы өз орнында сапластырылды, 122 стандартқа жуўап бермейтуғын ысытыў қурылмалары пайдаланыўдан шығарылды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм тийисли мәкемелер менен биргеликте мәўсим басынан берли бүгинги күнге шекем 920 мәҳәлледе ҳәм 756 социаллық тараў объектлеринде ушырасыўлар өткерилип, газ ийисинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлиги бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Буннан басқа да үгит-нәсият жумыслары ғалаба хабар қуралларында кең түрде алып барылып, пуқараларға темаға байланыслы 243 мыңнан аслам еслетпе ҳәм қолланбалар тарқатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.