«Апофис» астероиды Жер менен соқлығысса, көп миллионлаған пүткил бир қала планетамыздан жоқ болып кетиўи мүмкин, ҳәзир болса адамзат қолында бул итималлы апатшылықтың алдын алыў имканиятлары жоқ.

Россия Илимлер академиясының Геосфера динамикасы институты лабораториясының баслығы, физика-математика илимлериниң докторы Валерий Шувалов ТАССқа берген интервьюинде бул ҳаққында айтып өтти.

Алдынырақ, Санкт-Петербург мәмлекетлик университетиниң илимпазлары 2068-жылы «Апофис» астероиды планетамыз бенен соқлығысыў итималы бар екенлигин мәлим еткен еди.

«Мысал ушын, усындай көлемдеги аспан денеси («Апофис»тиң диаметри 300 метрден үлкенирек) Москваға қулайтуғын болса, қаладағы ҳәмме нәрсе жоқ болады. Москва ўәлаяты аймағына да көп муғдарда зыян келтиреди. Ионосфералы нурланыў болса пүткил Европаны жаўлап алады», деген илимпаз.

Оның қосымша етиўинше, усы сыяқлы үлкен көлемдеги аспан денелери Жер менен ҳәр 10-100 мың жылда соқлығысыўы мүмкин. Ҳәзирги ўақытта адамзат қолында астероид траекториясын өзгертетуғын технология жоқ. Аймақлараралық баллистикалық ракеталар астероидтың ҳәрекет бағдарына тәсир ете алмайды.

Мағлыўмат орнында соны айтып өтиў керек, «Апофис» астероиды 2004-жылы Китт-Пик обсерваториясы (Америка, Аризона штаты) телескоплары жәрдеминде анықланған еди. Бул аспан денелери саатына 30 километр тезликте гейде Жерге жақынласып, гейде узақласып ҳәрекетленип атыр. 2029-жылы астероид планетамызға 37-38 мың километр қашықлықта жақынласыўы мүмкин.

 

Малоҳат Ҳусанова, ӨзА