Россия Мәмлекетлик Думасында антироссия санкциялары ҳәм Россияның Арқа менен қатнасықлары суўықласқанлығы себепли мәмлекет жәҳән тармағынан үзип тасланыўы мүмкин, деп шамаланбақта. Бул ҳаққында Мәмлекетлик Думаның мәлимлеме сиясаты, мәлимлеме технологиялары ҳәм байланыс комитетиниң баслығы Леонид Левинниң Интерфакс агентлигине берген интервьюине сүйенип РИА-НОВОСТИ мәлимлеме берген.

Буған қарсы илажлар сыпатында ҳүкимет трафиклер бағдарының миллий системасын ислеп шықпақта. Система жәҳән интернет тармағынан үзилген жағдайда мәмлекетлик ресурслардан пайдаланыў имканиятын береди. Россия  IT компаниялары буны әмелге асырыў мүмкиншилигине ийе болды. Сол себепли жәхән интернет тармағынан үзилилиў идеясын Россияның өзи де алға қойыўы мүмкин.

Жәҳән интернет тармағынан үзилиўи қаншаға түседи? Mail.ru Hi-Techтиң калькуляторы жәҳән интернет тармағынан үзилис Россияға 20 миллиард рубльге түсетуғынын есаплады. Мәмлекет ири сервислер жумысының тоқтаўына ямаса интернет тармағынан пүткиллей үзилиўине әсте-ақырынлық пенен бейимлеседи. Дәслепки басқышта бул тек ғана социаллық тараўға емес, ал соның менен бирге экономикаға да үлкен тәсир көрсетеди.

Г.Азимова, ӨзА