Автомобиль транспорты айдаўшыларының мийнетине ҳақы толеўдиң улыўма шәртлери ҳаққындағы нызам Әдиллик министрлигинде мәмлекет дизимнен өткерилди.

Бул ҳаққында министрликтиң «Ҳуқуқый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Нызамға муўапық, шөлкемлердиң (бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалар, мәкемелер ҳәм устав капиталында мәмлекеттиң үлеси 50 проценттен асламын қурайтуғын шөлкемлер) жеңил автомобиль айдаўшыларға) Мийнет ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасының 1-3 разрядлары бойынша (577 мың 172 сумнан 638 мың 194 сумға шекем), автобус айдаўшыларына 2-7 разрядлары бойынша (607 мың 581 сумнан  868мың 495 сумға шекем), жүк тасыўшы автомобильлердиң айдаўшыларына 1-8 разрядлар бойынша (577 мың 172сумнан 940 мың 667 сумға шекем) ҳақы төленеди.

Төмендегилер ушын үстемелер ҳәм қосымша ҳақылар белгиленеди:

  • түнги ўақытта, дем алыс ҳәм байрам күнлери ислегенилиги, сондай-ақ, хызмет ўақтынан тысқары ислегенлиги ушын;
  • қәнигелик дәрежеси ушын екинши дәрежели айдаўшыларға;
  • халықарлық жүк тасыўларын әмелге асырғанлығы;
  • Президент Администрациясының транспорт бөлими ҳәм Ҳүкимет аппараты балансында болған жеңил автомобильлер айдаўшыларына айрықша мийнет шараятлары ушын;
  • бир жола бир қанша кәсипте ислегенлиги, хызмет көрсетиў зонасы кеңейтилгенлиги ҳәм орынланатуғын жумыслардың көлеминиң көтерилгенлиги ушын;
  • егер жумыс сменасы арасындағы тәнепис еки сааттан артығын қураған болса, бөлинген жумыс сменасында ислегенлиги ушын;
  • сапар етиў өзгешелигине ийе мийнет шараятларында ислегенлиги ушын.

ӨзА