26-октябрь күни Нөкис қаласында банктен алынған 4 миллион 705 мың доллар муғдарындағы кредит пулы есабынан  “Roodell recovery” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы шығындыларды айырыў ҳәм қайта ислеў  заводы иске түсти.

Бул кәрхананың әҳмийети соннан ибарат – кәрхананың иске түсиўи менен тәбият, қоршаған орталық тазаланады, шығындыларға екинши өмир бериледи, олар ҳәзирге шекем инсан саламатлығы ҳәм өмирине, ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясына, әтирапқа зыянлы тәсир етип келген болса, енди ҳәр тәреплеме пайдалы өнимге айналады.

Күнине 400 тонна, жылына 146 мың тонна шығындыны қайта ислеў қуўатлылығына ийе бул кәрханада 100ге жақын жумыс орны жаратылды.

Кәрханада қағаз шығындылар қайта исленип, олардан картон таярланса, полимер шығындылардан жип талшығы, органикалық ҳәм азық-аўқат шығындыларынан теплицалар ушын минерал төгинлер, тас ҳәм топырақ шығындыларынан пискен ҳәм фасад гербишлери, ағаш шығындыларынан көмир-брикетлер ислеп шығарылады. Екинши рет «өмир» берилген таяр өнимлерден қурылыс, тоқымашылық ҳәм басқа да тараўларда шийкизат сыпатында пайдаланылады.

“Roodell recovery” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине кәрхананы иске түсириў ушын шет елден арнаўлы техникалар, үскенелер, оларға аўысық  бөлеклер алып келиўде бирқанша жеңилликлер берилген, яғный бажыхана төлемлеринен азат етилген, салықлар бойынша жеңилликлер берилген ҳәм т.б.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги