Пайтахтымызда 25-январь күни Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң 2018-жылғы жумыс нәтийжелери, усы жылғы режелери бойынша жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ушын баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.

Елимизде туризм тараўының ҳуқықый тийкарларын буннан былай да беккемлеў мақсетинде 2018-жыл 25 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылып, елимиздиң туристлик имиджин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған 150 ге шамалас илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Түркия, Қубла Корея, Япония, Франция, Индонезия, Малайзия, Сингапур, Израил, Тәжикстан сыяқлы мәмлекет пуқаралары ушын визасыз тәртип енгизилди. Сырт еллилерди дизимге алыўдың толық электрон системасына өтилди.

Сондай-ақ, туризм индустриясын жедел раўажландырыў мақсетинде 142 мийманхана, 192 «Wi-Fi» аймағы, 29 туристлик мәлимлеме орайы, 462 санитариялық-гигиеналық шақапша дүзилди. Туризм класындағы автотранспортлардың саны 133 ке жеткерилди.

2018-жылдың 19-21-ноябрь күнлери өткерилген Туризм тараўындағы биринши халықаралық инвестициялық форум шеңберинде 400 ден аслам инвестициялық жойбарлар усынылып, инвесторлар менен перспективалы есапланған 37 шәртнама ҳәм меморандум, 86 инвестициялық келисимге қол қойылды.

Туримз тараўын заманагөй кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде Самарқанд қаласында «Жипек жолы» туризм халықаралық университети шөлкемлестирилди. Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен БМШтың Пүткилжәҳән туризм шөлкеми арасында усы жоқары оқыў орынларын халықаралық университет сыпатында тән алыў және БМШтың логотипинен пайдаланыў бойынша келисимге ерисилди.

Баспасөз әнжуманында «Жипек жолы» туризм халықаралық университетиниң проректоры, экономика илимлериниң докторы, профессор Баҳодир Тўраев жоқары билимлендириў мәкемесиниң быйылғы жумысы ҳәм режелери ҳаққында мағлыўмат берди. Ҳәзирги күнде университетте 137 студент туризм басқарыўы, туризм хызметлери ҳәм хызметти шөлкемлестириў бағдарларында билим алмақта. Талап ҳәм усыныслар тийкарында   университетте қабыллаў квотасын арттырыў режелестирилген. Оған бола, 2019-2020-оқыў жылы ушын күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарлары бойынша қосымша орынлар ажыратылады. Бакалавр ҳәм магистратура билимлендириў басқышлары бойынша жаңа бағдарлар ашылады.

Әнжуманда атап өтилгениндей, 2018-жылы 5 миллионнан аслам турист келген. Бул 2017-жылға салыстырғанда еки есеге көп.

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының биринши орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Улуғбек Қосимхўжаевтың илаж қатнасыўшыларына мәлим етиўинше, елимизде басқарылатуғын туристлердиң ағымын шөлкемлестириў мақсетинде тек ғана қоңсылас мәмлекетлердиң емес, ал Түркия, Ҳиндистан, Қытай, Россия, Франция, Израил, Грузия сыяқлы мәмлекетлердиң туризм тараўындағы компаниялары ҳәм ассоциациялары менен де тығыз бирге ислесиў жолға қойылған.

– 2019-жылы 30дан аслам халықаралық туризм көргизбелерине қатнасыў режелестирилген, – деди У.Қосимхўжаев. – Бул көргизбелерде елимиздиң туристлик потенциалын ҳәм брендин кеңнен үгит-нәсиятлаў, халықаралық туристлик компаниялар ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен Өзбекстанда басқарылатуғын туристлик ағымын шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер өткериледи.

Әнжуман шеңберинде журналистлер комитеттиң 2019-жыл ушын белгиленген режелери менен таныстырылды. Онда 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў концепциясы тийкарында елимиздеги ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыў, Өзбекстанның қәўипсиз туристлик имиджин беккемлеў сыяқлы бир қатар ўазыйпаларды әмелге асырыў белгиленген.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы