Усы жыл 22-январь күни Ҳиндистанның Гандинагар қаласы «Маҳатма Мандир» көргизбелер комплексинде  «Ҳәўижли Гужарат – 2019» IX халықаралық инвестиция саммити жуўмақланды.

Пүткил дүньядан 26 мың 800 ден аслам компания ҳәм 285 рәсмий делегация ўәкиллерин бир жерге жәмлеген бул ири экономикалық илажда Өзбекстан бирге ислесиўши мәмлекет сыпатында қатнасты. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы саммиттиң ҳүрметли мийманы болды.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетинен хабар бериўинше, «Ҳәўижли Гужарат – 2019»да мәмлекетимизде ислеп шығарылған тоқымышалық, былғары, химия, фармацевтика, аўыл хожалығы өнимлеринен ибарат Өзбекстан миллий стенди көрсетилген. Саммиттиң соңғы күнинде көргизбе менен танысқан қатнасыўшылардың саны 4 мыңнан асып кеткен.

Және бир мағлыўматқа бола, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети «Ҳәўижли Гужарат –  2019» самиитине белсене қатнасқаны ушын шөлкемлестириўшилердиң арнаўлы сертификаты менен сыйлықланған.

Малоҳат Ҳусанова, ӨзА