Усы жыл 22-январь күни Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыў барысы, ушырасып атырған машқалалар ҳәм алда турған ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Ш.Аюбов, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниң орынбасары А.Икрамов, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов, Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов шығып сөйлеп, республикамыз аймағында жынаятшылықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған илажлар, соның менен бирге жол қойылып атырған айырым кемшиликлерге кең түрде тоқтап өтилди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Арқа-Батыс әскерий округинде әскерлер менен ушырасып, олар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Соның менен бирге, Нөкис қаласында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша «Қәўипсиз қала» концепциясын әмелге асырыў, солай етип республикамыз аймағындағы жынаятларды кескин азайтыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берген еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды.

Мине, өткен қысқа ўақыт ишинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Солардың қатарында елимизде бириншилерден болып тәжирийбе сыпатында Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларының қәнигелестирилген оқыў-әмелий курслары шөлкемлестирилип, бүгинги күни дәслепки тыңлаўшылары билим алмақта. Бундағы мақсети, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыўда Ишки ислер, Қорғаныў министрликлери, Миллий гвардия ҳәм жәмийетлик шөлкемлер арасында бирге ислесиўди күшейтиў, солай етип, жынаятшылықты азайтыў, халықтың тыныш және абадан турмысын тәмийинлеў болып табылады.

Республикамыз аймағында барлық бағдардағы жүз берген жынаятлар алдыңғы жылға салыстырғанда 893 ге ямаса 31,2 процентке азайыўына ерисилди. Деген менен, аўыр жынаятлар Тахтакөпир, Шоманай, Шымбай, Хожели, Қараөзек, Елликқала, Қоңырат, Беруний, Төрткүл районларында ҳәм Нөкис қаласында өсип кеткен.  Жүдә аўыр жынаятлар  республикамыз бойынша 26,7 процентке азайған бир ўақытта, Тахтакөпир, Шоманай, Елликқала районларында өскен.

Өткен жылы ҳәр 100 мың халыққа салыстырғанда республикамыз бойынша орташа 106,8  жынаят туўра келген бир пайытта, бул көрсеткиш Нөкис қаласында 198, Қоңырат районында 145,9,  Хожели районында 108,6 жынаяттан туўра келди. Сондай-ақ, адам өлтириўшилик жынаяты Елликқала, Қанлыкөл, Төрткүл, Шымбай, Шоманай, Нөкис районларында ҳәм Нөкис қаласында өсип кеткен. Бул жынаятлардың алтаўы шаңарақ мәселесинде, биреўи қоңсы-қобалар,  жетеўи таныслар арасындағы өз-ара жәлжелдиң, биреўи таныс емес пуқара менен жәнжеллесиў ақыбетинде жүзеге келген. Усы жынаятлардың алтаўы мәс ҳалында, алтаўы бурын судланғанлар, екеўи колледж оқыўшылары, жетеўи жумыссызлар тәрепинен исленген.

Адам өлтириўшилик жынаяты көпшилик жағдайларда мәс ҳалында, шаңарақтағы урыс-жәнжеллер, жақын туўысқанлар, ерли-зайыплар арасындағы келиспеўшиликлер ақыбетинде жүзеге келеди. Аймақлардағы профилактика инспекторлары тәрепинен кең жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте тынышсыз шаңарақлардағы келиспеўшиликлер ҳәм машқалаларды шешиўде жәрдем бериў сыяқлы жумыслардың жетерли дәрежеде алып барылмай атырғанлығынан унамсыз жағдайларға жол қойылмақта. Ҳақыйқатында, жоқарыда келтирилген жынаятлардың көпшилигиниң алдын алыў имканияты бар еди.

Илажда жынаятшылықтың алдын алыў, оған қарсы биргеликте гүресиўде пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, улыўма билим бериў мектеплеринде жасларды шақырыққа шекемги басланғыш таярлаў пәнин оқытыўды жетилистириў, бөлмелерди арнаўлы көрсетпели қураллар менен тәмийинлеў ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланып, жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.