2018-жыл 20-28-октябрь күнлери Венгрия пайтахты Будапешт қаласында спорт гүреслери бойынша өткен жәҳән чемпионатында палўанларымыздан Элмурод Тасмуратов гүмис, Бегзод Абдураҳмонов болса бронза медалын қолға киргизген еди. Сондай-ақ, өткен жылдың 1-10-октябрь күнлери Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында аўыр атлетика бойынша өткен жәҳән чемпионатында Акбар Жўраев алтын, Достон Ёқубов гүмис, Руслан Нурудинов ҳәм Руслан Жангабаев бронза медальларына сазаўар болған еди.

11-faqat saytga.jpg

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 3-январьдағы бийлигине муўапық жеңимпаз спортшыларымыз ҳәм олардың тренерлери ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигинде жоқарыдағы еки жәҳән чемпионатының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған мәресим өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.Абдуваҳидов Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде елимиз жаслары қәбилетли, күш-ғайратта теңсиз әўлад болып камалға келип атырғаны дүньяның ҳәр қыйлы регионларында өткерилип атырған абырайлы жарысларда Өзбекстан спортшыларының жоқары табысларды қолға киргизип, мәмлекетимиздиң байрағын бәлент көтерип атырғанында айқын көринип атырғанын атап өтти.

Илажда алтын медальды қолға киргизген спортшылардың ҳәр бири 12 мың АҚШ доллары муғдарында ақшалай сыйлықланды. Чемпионаттың гүмис медалын қолға киргизген палўанлар 6 мың, бронза медальды қолға киргизген спортшылар 3 мың доллардан ақшалай сыйлыққа ийе болды.

8.jpg

Сондай-ақ, жәҳән чемпионатында биринши орынды ийелеген спортшылардың тренерлери 6 мың доллар, гүмис медаль ийелериниң тренерлери 3 мың доллар ҳәм бронза медальды қолға киргизген спортшылардың тренерлери 1,5 мың доллар муғдарындағы ақшалай сыйлыққа ийе болды.

Өткен жылы спорт мәўсиминде үлкен табыслар менен елимиздиң абырайын көклерге көтерген аўыр атлетикашымыз – Акбар Жўраев елимиздиң 2018-жылдағы ең жақсы спортшысы, деп тән алынды ҳәм 10 мың АҚШ доллары менен сыйлықланды.

– Дүнья ареналарында халқымыздың, Президентимиздиң исенимин ақлағанымыздан оғада қуўанышлымыз, – дейди аўыр атлетикашы А.Жўраев. – Қолға киргизген табысларымыздың ҳүрметине Ўатанымыздың гимни жаңлап, байрағымыз көтерилгенинде шексиз мақтанышты сезиндим. Булар ғәрезсизлигимиздиң шарапаты, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен биз, спортшыларға көрсетилип атырған айрықша ғамхорлықтың, устазларымыз бенен жыллар даўамында алып барған мийнетлеримиздиң жемиси. Мениң кишигирим мийнетлеримди усындай жоқары баҳалаған Президентимизден миннетдарман. Алдағы жарысларда буннан да жоқары нәтийжелерди көрсетиўге умтыламан.

Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,

ӨзАның хабаршысы