Өзбекстанда мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрепинен қосымша пуллы хызметлер көрсетиў енгизиледи. Бул ҳаққында 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында сөз етилген, деп жазады Kun.uz.

Атап өтилиўинше, тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылып, онда:

– мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрепинен дем алыс күнлери ҳәм жумыс күни жуўмақланғаннан кейин баланы тәрбиялаў, оған қарап турыў ҳәм оқытыў;

– белгиленген бағдарламадан тысқары спорт-саламатластырыў (каратэ, таэквондо, жүзиў, шахмат, шашка, гимнастика, массаж ҳәм басқалар) дөгереклери, көркем-эстетикалық, пән дөгереклери, қосымша хызметлер көрсетиў нәзерде тутылады.

Орынланыў мүддети – 2019-жыл 1-март, орынлаў ушын жуўапкерлер – Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги, Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.