Пенсия тайынлаў ушын зәрүрли ҳүжжетлерди топлаў процеси түпкиликли оптималластырылады. Бул ҳаққында 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында сөз етилген, деп жазады Kun.uz.

Атап көрсетилиўинше, тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады. Жойбарда:

– архивлердеги мағлыўматлардың электрон базасын жаратыў;

– мәкемелер аралық информация алмасыўын енгизиў;

– мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы пенсия тайынлаў мәмлекетлик хызметин жолға қойыў нәзерде тутылады.

Орынланыў мүддети – 2019-жыл 1-май, орынлаў ушын жуўапкерлер – Қаржы министрлиги, «Өзархив» агентлиги, Жойбар басқарыўы миллий агентлиги, Мийнет министрлиги, Әдиллик министрлиги, Информациялық технологиялар ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрлиги, министрлик ҳәм веодомостволар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги