Қәдирли Ўатанласлар!

Әзиз дослар!

Ең дәслеп, бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеп, халқымызды және де үлкен дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Ҳәр бир шаңарақ өзгеше пайызға, ҳәр бир кеўил жыллы сезимлерге бөленип атырған усы қуўанышлы мәўритлерде сиз әзизлерге, қәдирдан нураныйлар менен меҳрийбан ҳаял-қызларымызға, жигерли жасларымызға, пүткил халқымызға шын жүректен шыққан тилеклер билдириў инсанға қанаатланыўшылық бағышлайтуғынын айрықша атап өтким келеди.

Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Изде қалып баратырған «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» кең көлемли раўажланыўлары, экономикамыздың жəне де беккемлениўи, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў ҳəм инсанларды социаллық қорғаў сыяқлы ийгиликли ислери, санаат, экономика, қурылыс, транспорт ҳәм басқа да тараўларда бурын болмаған жоқары нәтийжелери менен ажыралып турмақта.

Əсиресе, Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген айрықша итибары нәтийжесинде халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше ири кәрханалардың, социаллық-мəдений, инфраструктура ҳəм басқа да объектлердиң иске түсирилгенлигин айрықша атап өтиў орынлы.

Санаўлы айлар ишинде Қараөзек районында «Титан цемент» кәрханасының иске түскени, Тақыятас районында металл-конструкция ислеп шығарыў заводының пайдаланыўға берилгени, Елликқала районында «Бостан мега текстил» кәрханасының жумыс баслағаны, Кегейли районында целлюлоза ислеп шығаратуғын «Кегейли қағаз», боян тамырын қайта ислейтуғын «Ланко мия», сондай-ақ Нөкис қаласында медицина буйымларын ислеп шығаратуғын «Нукусмедтех» кәрханаларының жумыс баслағаны турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиз жаратып берген имканиятлар нәтийжесинде өткен айлар даўамында тек ғана қосымша дәраматлар есабынан қала ҳəм районларымызда қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў, социаллық тараўлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халықтың бəнтлигин тəмийинлеў ҳəм басқа да ийгиликли мақсетлерге 635,4 миллиард сўмлық қаржы ажыратылды.

Жуўмақланып атырған жылдың жəне бир əҳмийетли, тарийхый ўақыяларының бири бул – Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қəўендерлигинде Аралбойы халықлары ушын көп тәреплеме шериклик тийкарындағы Траст фондының жумыс баслаўы болып табылады. Бул фонд жақын жыллар ишинде өзиниң унамлы нəтийжесин берип, халқымыздың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўда, экологиялық апатшылық тəсирлерин жумсартыў бойынша инвестициялық жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Жəне бир əҳмийетли тəрепи сонда, халқымыз Ҳүрметли Президентимиздиң жуўмақланып атырған жылдың
15-16-ноябриндеги Қарақалпақстанға сапарын елимизге келген үлкен бахыт, мол берекет ҳәм дәўлет сыпатында қуўаныш пенен қарсы алмақта.

Себеби, Ҳүрметли Президентимиз өз сапары даўамында республикамыздың және де раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы менен байланыслы бир қатар ири жойбарларды, әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Айрықша айтатуғын ўақыялардан жəне бири, жуўмақланып атырған жылдың 28-декабрь күни Ҳүрметли Президентимиз өзиниң Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатында да Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық жақтан жəне де раўажланыўына айрықша итибар қаратты. Әсиресе, Мойнақ районында барлық зәрүр инфраструктураларға ийе болған заманагөй қалаша жаратылатуғынлығын атап өтти.

Бул гүллəн халқымыздың келешекке деген исенимин жəне де беккемлеп, ҳəр бир инсанды елимизде əмелге асырылып атырған дөретиўшилик ислерге үлес қосыўға руўхландырмақта.

Қәдирли Ўатанласлар!

Елимизде «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў» деп жәрияланған  Жаңа жылда түрли тараўларға, аймақларға жаңа технологиялар, алдынғы тәжирийбелер, жоқары маманлықтағы қәнигелер кирип келип, исбилерменликтиң жедел раўажланыўы, тараўларда жүргизилип атырған реформаларды буннан былай да тереңлестириў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.

Байрам алдынан жаўған аппақ қар ҳақ кеўилли халқымызға бахыт, мол ырысқы-несийбе, дәрьямызға нәўпир суўлар алып келе берсин!

Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!

Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!

Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!

Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!

 

М.Т.Ерниязов,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы.