Мәмлекетимиз жәмийетшилиги аўыр жоғалтыўға ушырады. Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының белгили ўәкили, саўда системасының ветераны, Уллы Ўатандарлық урыс қатнасыўшысы Мадаминжон Ҳасанович Ҳасанов усы жылдың 22-декабрь күни 94 жасында дүньядан өтти.

М.Ҳасанов 1924-жылы Әндижан ўәлаятында туўылған. Оның жаслығы Екинши жер жүзилик урыс дәўирине туўра келип, 1942-1946-жылларда фронт майданларындағы аўыр саўашларға мәрдана қатнасты. Фашизмге қарсы гүрестеги ерлиги ушын жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Ол урыстан кейин Москва жоқары кооператив орайлық мектебин тамамлап, республикамыздың ҳәр қыйлы саўда шөлкемлеринде хызмет етти. Соның ишинде, 1956-1959-жылларда «Өзбектекстильторг»тың Әндижан ўәлаяты базасының директоры, 1959-1966-жылларда «Ўзбекбирлашув» басқармасының баслығы болып иследи.

М.Ҳасанов 1966-1979-жыллар ишинде Өзбекстан саўда министри лаўазымында жемисли мийнет етти. Өндиристен ажыралмаған ҳалда илимий жумыс пенен де шуғылланды. 1979-2004-жылларда «Саламатластырыў орайы» илимий-изертлеў мәкемесине басшылық етти.

Өзиниң көп жыллық жемисли мийнети даўамында М.Ҳасанов кең билимли, үлкен турмыслық тәжирийбеси ҳәм жеке үлгиси менен республикамызда саўда системасын раўажландырыў тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, қәнигели кадрлар таярлаў жумысларында жанкүйерлик көрсетти.

Ол 2004-жылы напақаға шыққаннан соң Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының белсендиси сыпатында көплеген ибратлы жумысларды әмелге асырды. Атап айтқанда, урыс ҳәм мийнет венеранларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жасларымызды ана Ўатанға, халқымызға садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, бул бағдарда кексе әўлад ўәкиллериниң белсенди қатнасыўын тәмиийнлеўде өзиниң шөлкемлестириўшилик, интакерлик ҳәм пидайылық пазийлетлерин көрсетти.

М.Ҳасановтың көп жыллық жемисли мийнети мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстанға хызмет көрсеткен саўда хызметкери» ҳүрметли атағы, «Жасорат» медалы, «Меҳнат шуҳрати», «Дўстлик» ҳәм «Фидокорона хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланған еди.

Меҳрибан устаз, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан Мадаминжон Ҳасановтың жарқын естелиги қәлбимизде ҳәмийше сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Н.Йўлдошев, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Ж.Ортиқҳўжаев, Ш.Жалилов