Наманган қаласындағы атшабар майданында Жаңа жыл флэшмобы өткерилди: 400 автомобильден жаңа жыл аршасының символы исленди, деп хабар бермекте «Дарё» хабаршысы Азизбек Абдувалиев.

Флэшмобты шөлкемлестирген «Водители Намангана» топарының администраторы Максим Семаевтың айтыўынша, төрт яруслы аршаны пайда етиў ушын атшабар майданында қәнигелер жәрдеминде алдын ала контурлар сызып алынған.

23-декабрь күни саат 14:00 де басланған флэшмоб саат 19:00 лерге келип табыслы жуўмақланды. 400 автомобильден арша ҳәм оның ишинде «2019» жазыўы пайда етилди. ЖПХБ автомобильлери болса оның өзине тән жулдызы болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги