Ташкент қаласында 2017-жыл 20-октябрь күни Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басшылығында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер әдиллик министрлериниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер ўәкиллери – Ҳиндистан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы, Пакистан Ислам Республикасы, Россия Федерациясы, Тәжикстан Республикасы, Өзбекистан Республикасы әдиллик министрлери, Қытай Халық Республикасы әдиллик министриниң орынбасары және ШБШға бақлаўшы статусына ийе мәмлекетлер – Аўғанстан Ислам Республикасы, Беларусь Республикасы ҳәм Иран Ислам Республикасы әдиллик министрлери қатнасты.
Сондай-ақ, ШБШ Бас хаткериниң орынбасары ҳәм ШБШ РТҚС Атқарыў комитети директорының орынбасары қатнасты.
Мәжилисте ШБШға ағза мәмлекетлер әдиллик министрлериниң нызам үстемлиги, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў және бул салада тәжирийбе алмасыў бойынша бирге ислесиўин буннан былай да жеделлестириўге қаратылған бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.
Соның ишинде, пуқаралар ҳәм бизнеске юридикалық хызмет көрсетиўдиң сапасын избе-из арттырыў бойынша узақ мүддетли стратегияны ислеп шығыў, ШБШ мәканында инвестицияларды ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаўдың заманагөй механизмлерин енгизиўге айрықша итибар қаратылды. Өзбекистан тәрепиниң басламасына бола инвестициялық нызамшылықты жетилистириў, инвестиция киргизиўди жеңиллетиў ҳәм бул процесстеги бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў бойынша қосымша ҳуқықый шараятларды жаратыў мәселелери қызғын додаланды.
Атап өтилгениндей, ШБШға ағза мәмлекетлердиң пуқаралары ушын пуқаралық ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў, сораўлардың сапасын арттырыў ҳәм олардың өз ўақтында көрип шығылыў механизмин жетилистириў үлкен әҳмийетке ийе. Бул жәмийетте нызамшылықты тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўға хызмет етеди.
Күн тәртибинен орын алған және бир әҳмийетли тема физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыўдың заманагөй усылларын енгизиў болып табылады. Усы мүнәсибет пенен мәжилис қатнасыўшыларына ҳәм мийманларға Өзбекистанда енгизилген халық пенен пикирлесиўдиң дүньяда уқсасы жоқ жаңа нәтийжели системасы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм елимиздиң барлық аймақларында шөлкемлестирилген Халық қабыллаўханаларының жумысы, бул процессти көрип шығыўшы ҳәм қадағалаўшы әмелий механизмлер, Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының арнаўлы хызмети басшылығындағы күшли институционал база мәжилис қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты. Сонлықтан Халық қабыллаўханаларынан бириниң алып барып атырған жумысы менен танысыўға шешим қабыл етилди.
Ушырасыўда жумысшы топарлардың суд эспертизасы ҳәм ШБШға ағза мәмлекетлерге юридикалық хызмет көрсетиў саласында бирге ислесиў бағдарындағы жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған ҳуқықый механизмлер тастыйықланды.
Мәжилис жуўмағында ШБШға ағза мәмлекетлер әдиллик министрлери тәрепинен Бирликтеги билдириўге қол қойылды. Бул ҳүжжетте Шанхай бирге ислесиў шөлкемин 2025-жылға шекем раўажландырыў Стратегиясына толық сәйкес келетуғын, шөлкемге ағза мәмлекетлер Әдиллик министрлери арасында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға мөлшерленген тийкарғы бағдарлар өз көринисин тапқан.
Бирликтеги билдириўде тәреплер Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысының барлық салаларына, соның ишинде, суд-ҳуқық системасына, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы шеңберинде жедел әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислерге жоқары баҳа берди. Атап өтилгениндей, бул реформалар бүгинги күнде барлық еллер ушын әҳмийетли есапланған нызам үстемлигин тәмийинлеў, жәмийетте нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, исбилерменлик субъектлери ҳәм сырт ел инвесторларының жумысын исенимли қорғаўда әҳмийетли фактор болады.
Мәжилис исшеңлик, дослық ҳәм өз-ара исеним руўхында өтти.
Әнжуманның жуўмағында әдиллик министрлери жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген илаж ушын миннетдаршылық билдирди. Қатнасыўшылар тәрепинен алға қойылған барлық усыныслар өзиниң әмелий көринисин табыўға ҳәм белгиленген ўазыйпаларды жүзеге шығарыўда тәсиршең механизмге айланыўына исеним билдирди.
Мәжилис шеңберинде Өзбекистан Республикасы әдиллик министри Ҳиндистан, Қырғызстан, Пакистан Ислам Республикасы, Иран Ислам Республикасы әдиллик министрлери және Қытай Халық Республикасы әдиллик министриниң орынбасары менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди.
ШБШға ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң әдиллик министрлери сол күни Ташкент мәмлекетлик юридика университетиниң жумысы менен де танысты.
Делегация ағзалары 21-октябрь күни Самарқанд қаласына барып, Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етеди. Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Самарқанд қаласындағы Халық қабыллаўханасының, нотариал уйымының ҳәм неке үйиниң жумысы менен танысады, қаланың дыққатқа ылайық орынларын тамаша етеди.
ӨзА