Ҳаўа райының жәзийрама ыссы болыўы себепли Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласы әтирапындағы көллердиң биринде 15 мың тонна балық қырылып қалды.

Мағлыўматларға қарағанда, ҳаўаның температурасы 40 градустан жоқары болған. Қәнигелердиң билдириўинше, ыссы температура себепли көлдеги суў отлары азайып, дағдарыслы аўҳалды жүзеге келтирген.

Хабарларда жазылыўынша, 5 жыл алдын балықшылар усы көлден 65 мың тонна өли балық аўлаған. Бирақ, сол ўақытта балықлардың қырылыўына нөсер себеп болған. Шелеклеп қуйған жаўыннан көлге зыянлы тасландылар тарқалған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.