Президент тапсырмасына муўапық, 2018-жылдың 21-22-декабрь күнлери Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов басшылығындағы делегация БМШның бурынғы бас хаткери Пан Ги Мун басшылық етип атырған Жасыл раўажланыў глобаллық институты ҳәм Бейимлесиў бойынша глобаллық комиссия менен бирге ислесиў мәселелерин додалаў мақсетинде Корея Республикасына барды.

Kun.uz сайтының хабар бериўинше, Пан Ги Мун менен Сеул қаласында өткериген ушырасыўда Арал бойы аймағындағы экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдай бойынша пикир алмасылды. БМШның бурынғы бас хаткери Арал апатшылығының унамсыз ақыбетлерине қарсы гүресиў бойынша Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалады ҳәм Президент Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық жәмийетшиликтиң дыққатын усы машқалаға және де көбирек қаратыў ҳәм оны шешиў ушын донорлық жәрдемлерин мобилизациялаўға бағдарланған халықаралық басламаларды қоллап-қуўатлады.

– Президент Шавкат Мирзиёев пенен жақында Ташкентте болып өткен ушырасыўда кең көлемли мәселелерди, соның ишинде Арал апатшылығы ақыбетлерине қарсы гүресиў ушын халықаралық донорлық жәмийетшиликлериниң күш ҳәм ресурсларын тартыўды додалаған едик. Мен Өзбекстан басшысының ақыл-ойына, жетекшилик өзгешеликлерине ҳәм оның усы глобаллық машқаланы шешиў ушын көрсетип атырған белсендилигине ҳайран қалдым. Биз Өзбекстанның Жасыл раўажланыў глобаллық институты ҳәм Бейимлесиў бойынша глобаллық комиссиясы менен бирге ислесиўине қызығыўшылық билдиргенин қоллап-қуўатлаймыз, – деп айтып өтти Пан Ги Мун.

Ол өткен айдың соңында Арал бойы мәселелери бойынша халықаралық конференцияда қатнасыў ушын елимизге келген ҳәм Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен қабыл етилген еди.

Өзбекстан делегациясы Жасыл раўажланыў глобаллық институты (GGGI) штаб-квартирасына барып, усы шөлкем жумысларының тийкарғы бағдарлары менен танысты. Өзбекстанның Кореядағы елшиханасы жәрдеминде шөлкемлестирилген презентация ўақтында GGGI қәнигелери жағдай менен таныстырылды.

Атап өтилиўинше, Арал бойы аймағын қайта тиклеў бойынша жойбарлардың презентациясы жуўмағында әмелдеги жағдайды сол жердиң өзинде үйрениў ҳәм усыныс етилген жойбарларды әмелий жақтан турмысқа енгизиў ушын GGGI қәнигелериниң елимизге сапарын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги