USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 8 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ДҮНЬЯ ТӘН АЛҒАН БАСЛАМА

Бурын хабар етилгениндей, 2018-жыл 12-декабрь күни БМШ Бас Ассамбелясының жалпы мәжилисинде «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» атлы арнаўлы резолюция қабыл етилди. Бул резолюция Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл сентябрь айында Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында илгери сүрген басламаның әмелий көриниси болып есапланады.

Ҳелена ФРЕЙЗЕР, БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы, БМШ Раўажланыў бағдарламасының турақлы ўәкили:

– «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» атлы резолюция БМШға ағза мәмлекетлер тәрепинен бир даўыстан қабыл етилди. 51  мәмлекет Өзбекстан тәрепинен алға қойылған конструктивлик усыныс, яғный дүньяда бар болған барлық динлерге мәнаўий кеңпейиллик мәдениятын күшейтиўге байланыслы идеяны қоллап-қуўатлады. Себеби бул резолюция кеңпейиллик пенен бирге, мәдений ҳәм диний билимлерди күшейтиў принципин де алға қойған ҳалда, глобал тынышлық ҳәм абаданлық ушын тийкарғы бағдар болып хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.

Владимир НОРОВ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионаллараралық изертлеў институтының директоры:

– БМШ Бас Ассамблеясының жалпы сессиясында «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясының қабыл етилиўи 2018-жылдың әҳмийетли тарийхый ўақыясы болды. Бул ҳүжжет Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде миллетлераралық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў бағдарында узақты гөзлеп алып барылып атырған избе-из илажлардың дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алыныўы болып табылады. Резолюцияда тийкарғы итибар ҳуқықый мәдениятты арттырыў, диний ағартыўышлықты күшейтиў арқалы инсанлардың санасын сап туйғылар менен азықландырыўға қаратылмақта. Бүгинги күнде Өзбекстанда ҳүким сүрип атырған миллетлераралық ҳәм динлераралық татаўлық, дослық ҳәм кеңпейиллик орталығы социаллық турақлылықты тәмийинлеў, жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, Ўатанымыздың халықаралық майдандағы абырай-итибарын және де жоқарылатыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Амани ал-ИТР ханым, Египет Араб Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм турақлы елшиси:

– Бул әҳмийетли резолюцияны Египет де қоллап-қуўатлады. Мәмлекетлеримиз арасында усы мәселедеги тутас нуқта, бул – Өзбекстан менен Египеттиң диний татыўлық жәмийет турақлылығында әҳмийетли роль ойнаўын түсинип жеткени болып есапланады. Резолюциядан көплеген әҳмийетли мәселелер орын алған. Билимлендириў бағдарын алатуғын болса, Өзбекстанда түрли миллет ўәкиллери, ҳәр түрли динге исениўшилер өзлериниң мүнәсип орнына ийе. Бул бағдарда елиңизде кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Резолюцияның интакери болған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ролин айрықша атап өтиўди қәлер едим. Бул Өзбекстанның халықаралық жәмийетшилик алдында турған қурамалы машқалалардың шешимин табыўда дана басламасы болды.

Ирфон Юсуф ШОМИ, Пакистан Ислам Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси:

– Өзбекстан алға қойған басламаның әҳмийетлилиги сонда, дүньяның  50 ден аслам мәмлекети енди оның соавторы болып есапланады. БМШда мақулланған резолюцияны Пакистан да дәслепки басқыштан қоллап-қуўатлады. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев бул резолюцияның тийкарын қураўшы тараўларды раўажландырыў жолында көплеген жумысларды әмелге асырды. Консенсус жолы менен қабыл етилген ҳүжжетлерде барлық ағза мәмлекетлер Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасын жоқары баҳалады. Халықтың аўызбиршилиги, диний кеңпейиллик, инсан ҳуқықлары оның тийкарын қурайды. Бул резолюция дүнья жәмийетшилиги ушын ең мақул ҳүжжет болады, деп ойлайман. Жақында Самарқандта Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы болып өткен, онда Самарқанд декларациясы қабыл етилген еди. Халықаралық жәмийетшилик ҳәм тарийхый уқсас болған регион еллери де бул басламаны қоллап-қуўатлайды.

Мосуд МАННОН, Бангладеш Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси:

– Бангледеш Республикасы ҳәрдайым тынышлық ҳәм татыўлық, диний кеңпейиллик тәрепдары болған. Сол себепли, Өзбекстан басшысы тәрепинен алға қойылған басламада бириншилерден болып қоллап-қуўатлады. Диний кеңпейиллик бойынша Өзбекстан дүньяда ең үлгили ҳәм өрнек бола алатуғын еллерден бир болып есапланады. Мен Өзбекстандағы 5 жыллық елшилик жумысым даўамында өзге дин ўәкиллерине қарата ғәрезли қатнасықты бақламадым. Керисинше, барлық дин ўәкиллери, миллет ҳәм еллер тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасайды. Бул Өзбекстан Президентиниң алып барып атырған сиясаты нәтийжесинде мәмлекетте диний кеңпейиллик орталығының ҳүким сүргенинен дәрек береди. Қала берди, бул мәселе тек нызамлар менен беккемлеп қойылғаны ушын емес, ал көпшилиги ислам динине сыйыныўшы Өзбекстан халқының басқа дин ўәкиллерине ҳәрдайым ҳүрмет-иззетте болып келгени менен де байланыслы. Адамлардың түрли миллет ўәкиллери менен дослық қатнасығы, бәринен бурын, өз-ара пиикрлдесиўлер арқалы қәлиплеседи. «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» атлы резолюцияның БМШ Бас Ассамблеясында қабыл етилиўи мине усы унамлы мүнәсибетлердиң нәтийжеси.

ВИКЕНТИ, Ташкент ҳәм Өзбекстан метрополити:

– Бул баслама Өзбекстан тәрепинен алға қойылғаны тосаттан емес. Себеби, бул мәмлекетте әзелден диний кеңпейилликтиң беккем ҳүким сүрген. Өзбекстанды кеңпейиллик бесиги деп те айтыў мүмкин. Дүнья халықлары да бул диярдағы сыяқлы тыныш-татыў, аўызбиршиликли турмыс кеширсин деген идеяның алға қойылғаны бийкарға емес. Биз түрли миллетлер менен конфессиялардың ўәкиллери Президент Шавкат Мирзиёевтиң қоллап-қуўатлаўы, көмегин барқулла сезип турамыз. Ондай итибардан жүдә миннетдармыз.

Раҳимберди РАҲМОНОВ, Өзбекстан мусылманлары басқармасының бөлим баслығы:

– 2017-жылы Президентимиз БМШның 72-сессиясында дүнья халықларының тартыўлығы жолындағы әҳмийетли басламаны алға қойды. БМШның уллы минберинен турып Имам Бухарий бабамыздың мүбәрек атларын тилге алды. Қала берсе, Өзбекстан тәрепинен диний тараўда халықаралық ҳүжжеттиң қабыл етиў усынысы билдирилди. Бул усыныстың ағза мәмлектелер тәрепинен ҳәр тәреплеме үйренилип, бүгин дәўир талабы екенлиги тән алынып, БМШ тәрепинен резолюция қабыл етилди. Бул – Өзбекстан басламасы, қараслары, жүргизип атырған сиясаты дүнья ушын қаншелли әҳмийетли екенинен дәрек береди. Бүгин елимиздиң басламасын дүнья тән алмақта.

Нуриймон АБУЛҲАСАН, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети баслығының орынбасары:

– Өзбекстан Президентиниң алға қойған басламасы БМШ тәрепинен қабыл етилген тән қаларлық ўақыя болды. Бул баслама ушын Өзбекстан  ҳәм тарийхый, ҳәм мәнаўий жақтан ҳақылы десек алжаспаймыз, буған тарийхтан мысаллар көп. Елимиз аймағында диний келиспеўшиликлер бақланбаған, соның менен бирге бүгинги күнде  Өзбекстанға келетуғын ҳәр қандай адам диний кеңпейиллик орталығының басқа мәмлекетлерге үлги боларлық дәрежеде екенин тән алады. Арнаўлы резолюцияның қабыл етилиўи нәтийжесинде енди БМШға ағза мәмлекетлер билимлендириў мәкемелеринде динниң адамгершилик мәнисин үгит-нәсиятлайды. Ҳәр бир ағза мәмлекет өзине мәжбүрият алады. Бул мәмлекетлерде оннан берли дин ҳеш қандай зорлық пенен бир қатарға қойылмайды. Экстремизм, терроризм сөзлери дин менен байланыспайды. Себеби, Президентимиз 72-сессияда айтып өткениндей, ислам терроризмди қаралайды ҳәм исламды биз терроризм менен байланыстырыўымыз мүмкин емес. Сондай екен, айырым мәмлекетлерде исламға терроризм липасын кийдириўге ҳәрекет етип атырған бир ўақытта бул резолюция келешекте барлық еллерге ағартыўшылық пенен диний кеңпейилликти раўажландырыў арқалы дүньяда тынышлықты сақлап қалыў мүмкин, деген сүрен алға қойылады.

ӨзА