Ташкентте 14-декабрь күни Халықаралық мийнет шөлкеминиң бас директоры Гай Райдер басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапары шеңберинде «Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде мүнәсип бәнтликти тәмийинлеў: халықаралық әмелият ҳәм Өзбекстан тәжирийбеси» темасында халықаралық конференция болып өтти.

Бул абырайлы илажға Өзбекстан, сондай-ақ, Россия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлердиң қәнигелери, БМШтың Раўажланыў бағдарламасының, ЮНИСЕФ, ЕҚБШ, Халықаралық миграция шөлкеминиң, Азия раўажланыў банкиниң экспертлери қатнасты.

Онда мийнет миграциясын тәртипке салыў, халықты социаллық қорғаўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Әнжуманда Халықаралық мийнет шөлкеминиң бас директоры Гай Райдер шығып сөйледи.

20-faqat saytga.jpg

23-faqat saytga.jpg

– Дүньяда жүз берип атырған соңғы ўақыялардан сондай жуўмақ жасаў мүмкин, жәмийет, ықлым өзгермекте, глобалласыў, миграция процесслери жеделлескен, – деди ХМШ бас директоры. – Булардың бәри бизден мийнет қатнасықларының келешегин жедел таллаўды талап етеди. Бүгинги әнжуманнан да усы мақсет гөзленген.

Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеминиң толық ҳуқықлы ағзасы болып табылады. Мәмлекетимиз ХМШның 14 конвенциясын ратификация еткен.

Халықаралық конференцияда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Танзила Норбоева мәмлекетимизде ХМШның ратификация етилген конвенциялары шеңберинде ҳүкимет дәрежесинде алып барылып атырған жумыслардың мазмунына тоқтап, Өзбекстанда мийнет қатнасықларына қайшы келетуғын жағдайларға жол қойылмайтуғынын исенимли атап өтти.

Халықаралық мийнет шөлкеминиң Мүнәсип мийнет концепциясы жумыс орынларын жаратыў ҳәм нәтийжели бәнтликти тәмийинлеў, қәўипсиз шараятларда мийнет кепиллигин ҳәм ҳуқықларын тәмиийнлеў, мақсетли социаллық қорғаў, тараў нызамшылығын раўажландырыў және жетилистириў, жәмийетлик қарым-қатнасты жеделлестириў сыяқлы стратегиялық ўазыйпаларды өз ишине алады.

Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары Шерзод Қудбиевтиң атап өтиўинше, елимизде бул конвенция шеңберинде балалар ҳәм ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықларын қорғаў бойынша нәтийжели илажлар көрилмекте.

Әнжуманда халықаралық экспертлер тәрепинен бүгинги күнде мийнет қатнасықларларына байланыслы қатнаслардың ескиргени, жәмийет раўажланыўдың жаңаша көринислери менен түрлерине мүтәж екени атап өтилди. Атап айтқанда, Халықаралық мийнет шөлкеминиң Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша регионаллық бюросының директоры Хайнц Коллер глобалласыў, информация технологиялары раўажланыўы процессинде «жумыс орны» түсинигин қайтадан көрип шығыў зәрүрлигин усыныс етти.

24.jpg

28.jpg

– Глобаллық көлемде алып қарағанда, мүнәсип жумыс орынларын бөлистириў әдиллик критерияларынан тайсалыўына гүўа болыў мүмкин, – дейди Х.Коллер. – Санлар мысалында айтылғанда дүньяда ҳәр 10 адамнан екеўи ғана турақлы жумыс орнына ийе. Бүгин мийнет базарында жүз берип атырған және бир әҳмийетли ҳәдийсе жумысшы күши санының артып атрырғаны. Есап-санақларға қарағанда, 2030-жылға барып раўажланып атырған мәмлекетлерде жумысшы күши орташа 60 процентке өседи. Өзбекстан халқы жылдан-жылға көбеймекте. Жумыссызлыққа шек қойыў мақсетинде мәмлекетиңизде ҳәр жылы мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылып атырғаны итибарға ылайық. Бунда реформалар нәтийжесинде экономикалық өсим пәтлери бақланып атырғаны әҳмийетли орын ийелемекте.

Быйыл АҚШ Мийнет министрлиги Өзбекстанды пахта жетистириў ҳәм терип алыўда балалар мийнетинен пайдаланатуғын мәмлекетлердиң дизиминен шығарды, ХМШның дәслепки есабында болса мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиўде Өзбекстанда салмақлы раўажланыўлар көзге тасланып атырғаны атап өтилди.

Әнжуман қатнасыўшылары  Өзбекстанда 2018-жылғы пахта зүрәәтин терип алыў мәўсими даўамында мәжбүрий мийнетке тартыў жағдайларының ХМШ халықаралық экспертлери ҳәм ҳуқық қорғаўшыларының қатнасыўында қабыл етилген мониторингиниң нәтийжелери менен таныстырылды.

Быйыл мәмлекетимизде студентлер, оқытыўшылар ҳәм медицина хызметкерлери пахта жыйым-теримине тартылмаған. 2017-жылға салыстырғанда қолда пахта териў тарифи 30 процентке көбейтилген. Лаўазымлы шахслардың халықты мәжбүрий мийнетке тартқаны ушын жаза шаралары күшейтилген. Атап айтқанда, 200 ден аслам басшы хызметкер бул жағдай бойынша админстративлик жуўапкершиликке тартылған.

Әнжуман өз жумысын жалпы сессияларда даўам еттирди. Онда мүнәсип мийнет ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет миграциясы қәўипсизлигин тәмиийнлеў ҳәм тәртипке салыў, мийнет қатнасықлары перспективаларының фундаментал принциплери сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды. Қатнасыўшы мәмлекетлердиң бул тараўдағы жумысына байланыслы таныстырыўлар шөлкемлестирилди.

Халықаралық конференцияда Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы