Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 13-14-декабрь күнлери Қашқадәрья ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында Қаршы қаласында Қашқадәрья ўәлаятының экономикасын раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда ўәлаят белсендилери, депутатлар, қалалар ҳәм районлар ҳәкимлери, секторлардың басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы 2018-жылда қабыл етилген «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде ўәлаяттың 28 аўыл ҳәм 4 мәҳәллеси абат етилип, оларда жасап атырған 300 мың халықтың турмыс шараяты жақсыланғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, 17 мың ҳәўли-жай, 193 көп қабатлы турақ жай, 82 социаллық тараў объекти,  жүзлеп километр жол ҳәм көшелер, суў ҳәм электр тармақларында қурылыс-монтажлаў жумыслары әмелге асырылды. Оған дерлик 300 миллиард сум жумсалды.

Ўәлаятта ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бағдарында сезилерли жумыслардың исленгени, бирақ буның жетерли емеслиги атап өтилди. Бул жумыслардың көлемин арттырыў мақсетинде Косон, Мүбәрек, Қамашы ҳәм Ғузор районларының ишимлик суўы тәмийнаты системаларын реконструкциялаў, Дийханабад районындағы 38 елатлы пунктте жасап атырған 104 мың адамды орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлеў жойбарлары әмелге асырылады.

Халықтың арзан турақ жайларға талабын қанаатландырыў ушын усы жылы аўыллық орынларда 3 мыңнан аслам ямаса өткен жылға салыстырғанда еки есеге көп арзан жаңа үлгидеги турақ жай, сондай-ақ, Қаршы қаласында жәми 630 квартиралы 14 көп қабатлы турақ жай қурылды.  2019-жылда 190 мыңнан аслам халық жасайтуғын 39 аўыл ҳәм 6 мәҳәлле абаданластырылады. Аўыллық орынларда 1 мың  205 арзан жаңа үлгидеги турақ жай, қалаларда 14 көп қабатлы турақ жай қурылады, халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланады, деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәмлекетимиздиң Уллы Британия, Иран ҳәм Польшадағы елшиханалары Қашқадәрья ўәлаятына бириктирилген. Президентимиздиң сапары шеңберинде Қаршы қаласында болып өткен презентацияларда Уллы Британиядағы елшимиз Алишер Шайхов 276 миллион долларлық 5 жойбар, Польшадағы бас дипломатымыз Баҳром Бобоев 163 миллион долларлық 8, Ирандағы елшимиз Баҳодир Абдуллаев 61 миллион долларлық 9 жойбарды әмелге асырыўға инвестиция киргизиў бойынша усыныслар берди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлардың жетерли емеслигин, елшилер сырт ел инвестициясын тартыўды кеминде 2 есеге көбейтиўи зәрүрлигин атап өтти.

Елшилеримиз булардан тысқары 2019-жылда ҳәр бир районға қосымша кеминде 10 миллион доллардан сырт ел инвестициясын тартыўға көмек бериўи керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте ўәлаятта социаллық тараўды раўажландырыў, билимлендириў мәкемелериниң жумысын жақсылаў, 2019-жылда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери менен улыўма билим  бериў мектеплерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў режелери ҳаққында да сөз болды.

Жумыссызлықты азайтыў мәселесине итибар қаратылды. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында улыўма қуны 15 триллион сум болған 1 мың 200 ден аслам жойбар бойынша усыныслардың ислеп шығылғаны, олардың әмелге асыўы менен 29 мың турақлы жумыс орнының жаратылатуғынлығы атап өтилди.

Аймақта туризмди раўажландырыў ушын барлық имканиятлар иске қосылады. Бул бағдарда Шаҳрисабзда жыл даўамында мәдений-кеўил ашар илажлар менен әнжуманларды өткерип барыў арқалы туристлерди кеңнен тартыў ушын әййемги Кешти Фестивальлар қаласына айландырыў усынысы берилди.

Социаллық турмысты жақсылаў ушын, бәринен бурын, экономиканы раўажландырыў керек. Оның ушын экономика тармақларын модернизациялаў талап етиледи. Тек ғана шийки зат жетистириў емес, ал оны таяр өним түринде сатыў системасын жолға қойыў зәрүр, деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте пахта кластерлериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлерин жетистириў бойынша бар имканиятлардан толық пайдаланыў, ҳәр бир районның ықлым шараятынан келип шыққан ҳалда бағшылықты, шарўашылық ҳәм қусшылықты раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди. Орынлардағы атқарыў уйымлары бул бағдардағы немқурайдылыққа, бийпарўалыққа жол қойып атырғаны сынға алынды.

Қашқадәрья кеңпейил, өзине исенген ел. Бул жерде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси де соған мүнәсип болыўы керек. Биз, әлбетте, Қашқадәрья халқы ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратамыз, соның ишинде, ҳаял-қызлардың, жаслардың, машқалаларын шешиўге итибарды күшейтемиз, социаллық тәмийнатқа мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаймыз, оның ушын басшы хызметкерлеримиздеги уйықлап атырған кейпиятын, коррупцияны жоқ етемиз, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз видеобайланыс арқалы районлардағы халық ўәкиллери менен сөйлесип, олардың усыныс ҳәм тилеклерин орынлаў  бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Сол күни Шавкат Мирзиёев Қаршы қаласында Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың ҳәйкелине гүл қойып, оның естелигине ҳүрмет келтирди.

Ислам Кәримов Қашқадәрьяға басшылық еткен жылларында ўәлаяттың экономикасын жоқарылатыў, социаллық машқалаларды шешиў жолында көп жумысларды ислегени еске алынды.

Мәмлекетимиз басшысы Қаршы қаласында қурылып атырған «Ватанпарварлар» бағын барып көрди.

Шавкат Мирзиёев усы жылы январь айында Қашқадәрья ўәлаятына сапар ўақтында Қаршы қаласындағы Ислам Кәримов көшесинде жайласқан Балалар бағы атамасын «Ватанпарварлар» деп өзгертиў, бул жерде мине сондай даңқлы атқа сай руўхта реконструкция  жумысларын әмелге асырыў бойынша тапсырма берген еди.

Бағды қурыўдан мақсет жасларда тарийхымыз ҳәм мәдениятымыздан мақтаныш туйғысын күшейтиў, Ўатан раўажланыўы жолында пидайы гүрескен миллий қаҳарманларымыздың атын мәңгилестириў, армиямыздың қүдирети ҳәм потенциалына  исенимди күшейтиўден ибарат.

Дерлик 7 гектар аймақтағы «Ватанпарварлар» бағы мине усы мақсетлерге үнлес түрде жаңа көринис бағышламақта. Бул жерде 2018-2019-жылларда 29,3 миллиард сумлық реконструкция жумыслары әмелге асырылады. Жасалма көл, кириў дәрўазасы, амфитеатр, блендаж, оқ атыў орны ҳәм лукодром қурылысы жуўмақланады. Музей қурылысы тамамланыў алдында, парашюттан секириў минарасының қурылысы, көклемзарластырыў жумыслары даўам етпекте.

Бағ аймағына Қорғаныў министрлиги тәрепинен усынылған, түрли жылларда хызмет еткен 24 әскерий техниканың макети орнатылған. Арнаўлы таярланған блендажды көрген адам көз алдына Екинши жер жүзилик урыста мәртлерше урысқан ўатанласларымызды келтиреди.

Бағда орнатылған Өзбекстан картасының үлкен макетинде ҳәр бир ўәлаяттың уллы тулғалары, әййемги естеликлери, бийик таўлары, дәрьялары, бийпаян кеңликлери сүўретленген.

Улыўма айтқанда, бул жерге келиўшилер  Өзбекстанымыздың аймақлары ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болады.

Бағ жанында қурылған 4 заманагөй көп қабатлы турақ жай, халықаралық талапларға жуўап беретуғын заманагөй жабық жүзиў бассейни аймақтың көринисин және де гөззалландырады.

Президентимиз бағда жаратылған шараятларды көзден өткерди,  билимлендириў мәкемелериндеги «Жасорат» топарларының ағзалары менен сөйлести.

Бундай орынлар жасларға халқымыз тарийхы, мәнаўияты ҳәм мәденияты ҳаққында анық тәсирлерди қалдырады. Енди оннан нәтийжели пайдаланыў, бул орынға жасларды көбирек алып келип, ашық сабақлар өткериў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстанның Екинши жер жүзилик урыстағы жеңиске қосқан үлесиниң әҳмийетин жасларға жеткериў, тынышлығымыз ушын үлкен хызметлер еткен ўатанласларымыз ҳаққында айтып бериў керек екенлиги ҳаққында атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы «Ватанпарварлар» бағы жанында бой тиклеген жаңа суў спорты комплекси менен танысты. Бул заманагөй имаратта 25х11 метрли төрт жолдан ибарат еки суў бассейни бар. Сыртқы көриниси пәрўаз етип атырған қусты еслететуғын имарат бассейниндеги суў арнаўлы фильтрлер жәрдеминде толық жаңалап турылады. Жуўыныў, аўқатланыў, медицина ҳәм фитнес бөлмелеринде барлық қолайлықлар жаратылған. Бул жердеги заманагөй шараятлар ата-аналардың, жаслардың суў спортына қызығыўшылығын арртырады.

Шавкат Мирзиёев бул жерде шуғылланып атырған жас спортшылар менен пикирлесип, оларға келешектеги жарысларда әўметлер тиледи.

Усының менен Президентимиздиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Улуғбек АСРОРОВ,
Умар АСРОРОВ,
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары