14-январь «Ўатан қорғаўшылар» күни мүнәсибети менен 16-декабрь күни пайтахтымызда жуўырыў марафоны өткерилди.

Оған улыўма билим бериў мектеплери,  орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери ҳәм жоқары оқыў орынларының оқыўшы жаслары ҳәм миллий гвардия, ишки ислер ҳәм әскерий бөлим хызметкерлери қатнасты.

Марафонға «Таслақ елаты»ндағы айланба жолдан старт берилип, бурынғы арқа автовокзал финиш сызығы етип белгиленди.

Жарыста улыўма билим бериў мектеплеринен жәми 141 оқыўшы 3 км аралыққа, кәсип өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлерден жәми 50 оқыўшы қатнасып 5 км аралыққа, жоқары оқыў орынларының студент жаслары менен бирге жәмлеспеген жаслардан ибарат 100 спортшы ҳәм миллий гвардия, ишки ислер ҳәм әскерий бөлим хызметкерлеринен ибарат 200 қатнасыўшы 10 км аралыққа жуўырды.

Ҳәр бир қатнасыўшы финиш сызығына бириншилерден болып жетип келиў ушын өзлериниң физикалық епшиллигин сынақтан өткерди.

Солай етип, жарыс жуўмағында 3 км аралыққа жуўырыўда ер балалар арасында Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп интернатының оқыўшысы Шарапат Назаров ҳәм қызлар арасында Дилназа Қайратдиновалар,  5 км аралыққа жуўырыўда Нөкис спорт колледжи оқыўшысы Жаҳангир Рахимбаев ҳәм Нөкис педагогика колледжи оқыўшысы Рано Жамғурбаевалар, 10 км аралыққа жуўырыўда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Қуўатжан Әбдимуратов, ал қызлар арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Мария Лемзековалар ҳәм әскерий хызметкер Сардор  Юлийев ҳәм миллий гвардия хызметкери Бобошер Мавлоновлар финиш сызығын бириншилерден болып басып өтип, бириншиликти ийеледи.

– Жуўырыў марафоны көтериңкилик руўхта өткерилмекте. Онда 10 км аралықты 36 минута басып өттим ҳәм екинши орынды ийеледим, – дейди миллий гвардия хызметкери Аслиддин Исламов.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы