Қарақалпақстандағы «Д.Д.» ЖШЖ 431 фермер хожалығына 3 млрд 148 млн сумлық нәл жеткерип бермегени, бул қаржылар фермер хожалығы есабына қайтарылмастан, өзлестириў ҳәм рестраталаў жолы менен талан-тараж етилгени анықланды, деп хабар бермекте «Турон 24» Бас прокуратура жанындағы инспекцияның мағлыўматына тийкарланып.

Бул жағдайдан кейин 431 фермер хожалығының коммерциалық банклерден алған кредит қаржылары есабынан 31 млрд сумнан аслам кредит қарыздарлығы жүзеге келген.

Сондай-ақ, «Д.Д.» ЖШЖ жуўапкер шахслары Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларында мөлдек жер ийелери менен нәл жетистирип бериў бойынша шәртнама дүзип, 352 нәл жеткерип бериўшиге жәми 2 млрд 619 млн сумм төлеп бермегени айтылмақта.

Бул ҳалат бойынша «Д.Д.» ЖШЖ жуўапкер шахсларына Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, Қарақалпақстан прокуратурасына жиберилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги