Пайтахтымызда Өзбекстан ҳәм Венгрия исбилерменлериниң бизнес-форумы болып өтти.

Еллеримиз арасындағы саўда-экономикалық қатнасықларды беккемлеў, бирге ислесиў байланысларын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда еки елдиң сыртқы экономикалық байланыслар, саўда, инвестиция, азық-аўқат, тоқымашылық, электрон өнимлер ислеп шығарыў, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика сыяқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларының, компания ҳәм концернлериниң басшылары қатнасты.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы және Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң басламасы менен шөлкемлестирилген форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Э.Ғаниев, Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икромов, Венгрияның елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси П.Санто шығып сөйледи.

Илажда атап өтилгениндей, еллеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў избе-из раўажланып бармақта. Бул бизнес-форум саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм социаллық тараўлардағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Елимизде үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, экономикаға сырт ел инвестицияларын тартыў, қолайлы инвестиция орталығын жаратыў бойынша әҳмийетли өзгерислер менен жаңаланыўлар көзге тасланбақта. Сырт ел инвестициясының қатнасыўындағы кәрханалар саны жылдан-жылға артып бармақта. Бул процессте Венгрия да мүнәсипқатнаспақта.

Ҳәзирги күнде еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў саўда-экономикалық, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, қурылыс, фармацевтика, ислеп шығарыў ҳәм басқа да көплеген тармақларда раўажланбақта. Өз-ара товар алмасыў көлеми өсип бармақта.

Елимизден бул мәмлекетке нефть өнимлери, минерал төгинлер, ийирилген жип, ҳәр қыйлы мийўелер, транспорт қураллары, аўысық бөлеклер экспорт етилсе, Венгриядан тийкарынан фармацевтика өнимлери, электрон үскенелер импорт етилмекте.

Әнжуманда Венгрияның 20 ға шамалас жетекши компаниялары ўәкиллериниң қатнасқаны усы елдиң Өзбекстан менен бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенинен дәрек береди.

Илажда Венгрияның «Global Faktor», «OTO-TEX», «Anico», «HND Metal», «Hunbas», «Hunland Trade»  сыяқлы компаниялардың ўәкиллери елимизде өз жумысын жолға қойыў ҳәм кеңейтиў тилегин билдирди.

Сапар шеңберинде еки ел исбилерменлериниң В2В форматтағы ушырасыўлары шөлкемлестирилди. Онда өз-ара пайдалы бирге ислесиў жойбарлары бойынша ҳүжжетлерге қол қойылды.

Зухра МИРЗАБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы