Усы жылы 12-декабрь күни БМШ Бас Ассамблеясының жалпы сессиясында «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюция қабыл етилди. Жойбар Өзбекстан тәрепинен бир даўыстан қоллап-қуўатланды.

Резолюцияның қабыл етилиўи 2017-жыл сентябрь айында Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң  алға сүрген басламасының әмелий белгиси болды.

Мәмлекетимиз басшысы БМШның уллы минберинде турып сөйлер екен, Өзбекстан тәрепинен усыныс етилген резолюцияның тийкарғы мақсети «Ҳәммениң билим алыў ҳуқықын тәмийинлеўге саўатсызлық ҳәм жаўызлықты сапластырыўға көмеклесиўден ибарат» екенин атап өтти. Ҳүжжет «кеңпейиллик ҳәм өз-ара ҳүрметти ен жайдырыў, диний еркинликти тәмийинлеў, сыйыныўшылардың ҳуқықын қорғаў, олардың кемситилиўине жол қоймаўға көмеклесиў»ге қаратылған.

Бул басламаны әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги бир қатар басқа уйымлар менен биргеликте резолюция жойбарының текстин ислеп шығыў ҳәм оны Бирлескен Миллетлер Шөлкемине ағза барлық мәмлекетлер менен келисиў бойынша системалы жумысларды алып барды.

Мәмлекетимиздиң Нью-Йорк қаласындағы Турақлы ўәкилханасының билдириўинше, БМШға ағза мәмлекетлер менен бул ҳүжжеттиң жойбарына байланыслы көплеген ҳәм ҳәр тәреплеме сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша 12-декабрь күни Президентимиздиң басламасы турмысқа енгизилди. БМШ Бас Ассамблеясы жалпы мәжилиси даўамында «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясы қабыл етилди.

Бул резолюция тек  БМШға ағза барлық мәмлекетлер тәрепинен ғана бир даўыстан қоллап-қуўатланбастан, ал Арқа Америка ҳәм Латын Америкасы, Азия, Африка ҳәм басқа да материклердиң 50 ден аслам ели менен биргеликте қабыл етилгени дыққатқа ылайық. Бул халықаралық жәмийетшилик тәрепинен Өзбекстан басшысы басламасының глобаллығы ҳәм өз ўақтында алға қойылған усыныс екениниң жоқары тән алыныўынан дәрек береди.

Бирге ислесиўшилер  қатарында Әзербайжан, Алжир, Бахрейн, Беларусь, Гана, Египет, Ҳиндстан, Қазақстан, Канада, Қатар, Қырғызстан, Ливан, Марокко, БАӘ, Оман, Пакистан, Корея Республикасы, Россия,  Саудия Арабстаны, Сингапур, Судан, Тәжикстан, Таиланд, Тунис, Түркменстан, Филиппин, Япония ҳәм басқа да мәмлекетлерди атап өтиў орынлы.

Өзбекстанның басламасы менен қабыл етилген резолюцияда ағартыўшылық идеясын алға қойыў атап өтилип, планетамызда қәўипсизлик пенен тынышлықты беккемлеў жолындағы интеграция, өз-ара ҳүрмет, инсан ҳуқықларының қорғалыўы, келисиў ҳәм өз-ара түсинисиўдиң қаншелли әҳмийетли екенлиги тән алынады.

Ҳүжжетте динлер, мәдениятлар ҳәм конфессиялараралық қатнасықлардағы үйлесимлиликти хошаметлеў және айырым шахсларға дин ҳәм сыйыныўлар тийкарындағы кемситиўлерге жол қойылыўына қарсы гүресиўге қаратылған барлық халықаралық, регионаллық ҳәм миллий басламалар қоллап-қуўатланады.

Дыққатқа ылайық тәрепи сонда, бул ҳүжжет барлық ағза мәмлекетлердиң пикир, ҳүждан, дин ямаса исеним еркинлигин қорғаў менен хошаметлеўге байланыслы ис-ҳәрекетлерин жеделлестириў ҳәм сол тийкарда:

а) пүткил жәмийетте ҳәр қыйлы дин ҳәм исенимлер, олардың юрисдикциясы шеңберинде әмел ететуғын ҳәр түрдеги диний азшылық тарийхы, дәстүрлери, тили ҳәм мәденияты ҳаққында және де кең билимлерди үгит-нәсиятлаў арқалы билимлендириў ҳәм басқа қураллар жәрдеминде дин ҳәм исеним еркинлигине байланыслы барлық мәселелерде өз-ара түсинисиў, кеңпейиллик, кемситиўге жол қоймаў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер менен ҳүрметти хошаметлеў;

б) миллий ҳәм халықаралық дәрежедеги мәдениятлараралық бирге ислесиўлер ҳәм тынышлық орнатыўға қаратылған жумыстың түрли көринислерин қоллап-қуўатлаў;

в) илимий-изертлеў жумысын қоллап-қуўатлаўға ийтермелейди.

Атап өтиў орынлы, резолюцияның мақсет ҳәм мазмуны БМШ шеңберинде қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжетлер, соның ишинде, БМШ Режеси, Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы, 2030-жылға шекемги дәўирде Турақлы раўажланыў мақсетлери, Дин ямаса исенимлер тийкарындағы келиспеўшиликлер менен кемситиўлердиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы декларация, сондай-ақ, БМШ Бас Ассамблеясының темаға байланыслы дәстүрий резолюцияларының қағыйдаларына толық сай келеди.

Ҳәзирги ўақытта БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген ҳүжжетте ағза мәмлекетлерге миллий ҳәм халықаралық ҒХҚлар, соның ишинде, Интернет тармағында кең көлемли үгит-нәсиятлаў жумысларын жолға қойыў, кеңпейиллик, зорлықты сапластырыў және дин ҳәм исеним еркинлигине байланыслы ағартыўшылық мәлимлеме тарқатыў сыяқлы тийисли коммуникациялық стратегияны енгизиў усыныс етилмекте.

Бул ҳүжжет инсан ҳуқықлары, ҳәр қыйлы дин ҳәм исенимлерди ҳүрмет етиў тийкарында барлық дәрежеде кеңпейиллик пенен тынышлық мәдениятын хошаметлеў мақсетинде глобаллық қарым-қатнасқа көмеклесиўге байланыслы халықаралық ис-ҳәрекетлерди жеделлестириўге ийтермелейтуғынын атап өтиў зәрүр.

Буннан тысқары, резолюцияда билимлендириў, илим, мәденият қуралында миллетлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў арқалы ЮНЕСКОның дүньяда тынышлық ҳәм қәўипсизлик орнатыўдағы әҳмийетли роли тән алынады.

Өзбекстан резолюциясын қоллап-қуўатлаў мақсетинде БМШ Бас Ассамблеясы мәжилисинде Кувейт, Бирлескен Араб Әмирликлери, Марокко, Оман, Әзербайжан, Панама, Европа Аўқамы, басқа бир қатар мәмлекетлердиң делегациялары шығып сөйлеп, Өзбекстанға оғада әҳмийетли ҳәм өз ўақтында алға қойылған баслама, сондай-ақ, оның текстин келисиў бойынша рәсмий емес мәсләҳәтлесиўлер ўақтында билдирилген ашық-айдынлық ушын миннетдаршылық билдирди.

БМШ  Бас Ассамблеясы усы резолюцияның бир даўыстан қабыл етилиўи Президентимиздиң ҳәр қыйлы миллет ҳәм конфессиялар арасында бирге ислесиў, өз-ара ҳүрмет пенен  аўызбиршилик орталығын беккемлеў, конфессиялар, миллетлер ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасты қоллап-қуўатлаў және қәстерлеп сақлаў, елимизде тынышлық пенен татыўлықты тәмийинлеўге қаратылған избе-из ҳәм пуқта ойланған стратегиясы халықаралық жәмийетшилик тәрепинен толық қоллап-қуўатланып атырғанының анық дәлили болып есапланады.

ӨзА