Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 14-декабрьдеги қарары тийкарында Жеңил автомобильлер ҳәм мототранспорт қуралларын қысқа мүддетке ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы устав (реже) тастыйықланды, деп жазады Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Бул уставқа (режеге) муўапық, жеңил автомобильлер ҳәм мототранспорт қуралларын қысқа мүддетке ижараға бериў шәртнамасы 30 күннен көп болмаған мүддетке жазба тәризде дүзиледи.

Қысқа мүддетли ижара шәртнамасын нотариаллық жақтан рәсмийлестириў ҳәм Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети органларынан дизимнен өткериў талап етилмейди.

Қысқа мүддетли ижара шәртнамасында тәреплер, яғный ижараға бериўши юридикалық шахс, ижараға алыўшы (ижарашы) болса физикалық шахс болады.

Шәртнама дүзиў ушын ижараға алыўшы ижараға бериўшиге төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

– паспорт;

– транспорт басқарыў гүўалығы;

– медициналық тексериўден өткени ҳаққындағы мағлыўматнама;

– гиреў депозити киргизилгенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжет.

Қысқа мүддетли ижара шәртнамасының мүддети питкеннен соң транспорт қуралы ижараға бериўши тәрепинен тапсырыў ҳәм қабыл етиў акти тийкарында қабыллап алынады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.