Республикамызда еки күн даўамында «Жаңа Мойнақ-жаңа имканиятлар» атамасында халықаралық инвестициялық бизнес форум болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирген илажға бир қатар сырт еллерден инвесторлар, жетекши туристлик компаниялардың ўәкиллери, сондай-ақ, республикамыздың исбилерменлери қатнасты.

15-декабрь күни Жаслар орайында болып өткен ашылыў салтанатында бизнес форум қатнасыўшыларын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қызғын қутлықлап, республикамызда, соның ишинде Мойнақ районында сырт  ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылық үстинен қадағалаў басқармасының баслығы Б.Наўрызбаев, Мойнақ районының ҳәкими С.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Экономика министри  Қ.Халмуратов, Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў комитети баслығының орынбасары С.Акбаров, Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар бойынша комитетиниң баслығы К.Садықов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарларға тоқтап өтти.

 Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат  Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, аймақта жасап атырған халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша айтарлықтай илажлар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын Арал апатшылығына қаратыўы, 2018-2021-жыллары Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның қабыл етилиўи, усы жыл 24-август күни Түркменбашы қаласында болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде Аралбойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы, деп жәриялаўы, район халқына деген айрықша итибар және ғамқорлықтың тымсалы болып табылады. Соның менен бирге, 2017-жылдың 1-июль сәнесинде  узынлығы 101 километр болған «Қоңырат-Мойнақ суў обьектти қурылысы» жойбарының пайдаланыўға тапсырылыўы, жақында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының шөлкемлестириўи мойнақшылардың турмысындағы умытылмас тарийхый ўақыялардың бири болып қалады.

Президентимиз жақында республикамызға сапары ўақтында Мойнақ районында алып барылып атырған реформалар, ири жойбарлар менен танысты. Келеси еки жылда әмелге асырылатуғын жойбарлар арқалы Мойнақтың раўажланыўында жаңа дәўирдиң басланғанлығын айрықша атап өтти.

Усы тапсырмалардан келип шыққан ҳалда, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарламасы бойынша улыўма баҳасы 504,2 миллиард сумлық 73 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Усының есабынан 1251 жаңа жумыс орны жаратылады.

Атап айтқанда, заманагөй талапқа жуўап беретуғын район орайының бас жобасын ислеп шығыў, район орайында жаңа қалаша қурылысын әмелге асырыў, келеси жылы улыўма баҳасы 1 триллион сумлық инвестиция есабынан жол-транспорт, инженер-коммуникациялық, социаллық инфраструктураларды, соның менен бирге исбилерменликти раўажландырыў нәзерде тутылмақта. Мал шарўашылығын, қусшылықты, балықшылықты, туризмди раўажландырыў, районның бар потенциалынан, тәбийғый ресурсларынан келип шыққан ҳалда заманагөй өндиристи жолға қойыў арқалы көплеп жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилген. Районның социаллық ҳәм инженер-коммуникациялық объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў бойынша комплексли бағдарламаға муўапық, 2018-2021-жылларда қаржыландырыўдың барлық дәреклери есабынан улыўма баҳасы  352 миллиард 794 миллион сумлық, Азия раўажландырыў банкиниң ресурслары есабынан 14,2 миллион АҚШ доллары көлеминде инвестиция ажыратыў нәзерде тутылмақта. Усының есабынан 2021-жылға барып районда санаат товарларын ислеп шығарыў көлеми 1,5, халық тутыныў товарларын ислеп шығарыў 1,3 аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 1,2, хызмет көрсетиў 1,3 есеге артады.

Форум шеңберинде районның туризм потенциалы бойынша өткерилген презентацияда атап өтилгениндей, соңғы жыллары Мойнақ районында өткерилген халықаралық «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық, «Стихия» электрон музыка фестивальлары сырт ел туристлериниң итибарын өзине тартпақта. Усының есабынан республикамызға, соның ишинде районға келиўши туристлердиң саны артып бармақта. Мәселен, өткен жылы республикамызға 8200 турист келген болса, быйылғы жылдың өткен 10 айы даўамында бул көрсеткиш 14500 ди қурады. Олардың арасында көпшилигин Франция, Италия, АҚШ, Германия, Россия Федерациясының пуқаралары қурайды. Қәнигелер районда эко, зыярат, авто ҳәм авиа туризмди раўажландырыў имканиятларына тоқтап өтти.

Илаж соңында Мойнақ районының ҳәкимлиги менен Қытай Халық Республикасының«Fumei qroup» ЖШЖ қоспа кәрханасы арасында қамысты қайта ислеў арқалы қурылыс материалын ислеп шығырыў бойынша, «Orient technoloqy» ЖШЖ қоспа кәрханасы менен артемия цистасын қайта ислеў бойынша, Германияның «Graess enerqy UzDe» ЖШЖ қоспа кәрханасы менен қуяш электростанциясы қурылысы бойынша жойбарларды әмелге асырыў бойынша Меморандумға қол қойылды.

16-декабрь күни форум Мойнақ районында даўам етти. Мийманлар Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейиниң филиалы Мойнақ экология музейинде, ашық аспан астындағы «Кемелер қойымшылығы»нда болды.  Районның инвестициялық ҳәм туристлик потенциалы, инвесторларға жаратылған салық жеңилликлери, «Мойнақ» киши санаат зонасы, келеси жылы әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

-Қарақалпақстанда екинши мәрте болыўын ҳәм бундай әнжуманда қатнасып атырғанымнан қуўанышлыман,-дейди Германияның «Graess enerqy UzDe»ЖШЖ қоспа кәрханасы бас директоры Антони Вудс.- Оның шеңберинде улыўма баҳасы 30 миллион АҚШ доллары болған жойбарды әмелге асырыў бойынша келисимге еристик. Бундағы мақсетимиз, районды қуяш энергиясы арқалы жақтыландырылатуғын үскенелерди орнатыў болып табылады.

Солай етип, «Жаңа Мойнақ-жаңа имканиятлар» атамасындағы халықаралық инвестициялық бизнес форум табыслы жуўмақланды. Оның шеңберинде сырт еллердиң инвесторлары, жетекши туристлик компаниялардың ўәкиллери менен алып барылған өз-ара пайдалы сөйлесиўлер, қол қойылған Меморандумлар районды буннан былай да социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда жаңа имканият болып хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы