Усы жыл 13-декабрь күни Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис гарнизонында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлар ҳаққында» бийлиги талапларын орынлаўға бағышланған руўхый раўажланыў ҳәм патриотлық илажлары шеңберинде ашық есиклер күни болып өтти.

Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға әскерий хызмет ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының ветеранлары, жазыўшы-шайырлар, Нөкис қаласындағы академиялық лицей ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары қатнасты.

Ашылыў салтанатында Арқа-Батыс әскерий округиниң сәркардасы Ф.Ортиқов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасының Президенти, Қураллы Күшлер Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев басшылығында тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, әскерий хызметкерлерге жаратылып атырған шараятларға ҳәм өткерилип атырған илаждың әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президенти, Қураллы Күшлер Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапарының  екинши күни Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис гарнизонында әскерлер менен ушырасып, алып барылып атырған жумыслардың барысы менен жақыннан танысты. Өткен қысқа ўақыт ишинде бул жерде айтарлықтай қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылды. Әcкерлердиң билимин жетилистириў мақсетинде оқыў орайлары шөлкемлестирилди. Бул жерде заманагөй интернет-мәлимлеме системасы, математика-физика, инглиз тили бөлмелери ислеп тур. Оқыўшы жаслар оқыў орайында әскерлерге шараятлар менен танысты.

-Илажды өткериўдеги мақсет, жасларды  әскерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырыў арқалы оларды патриотлық, миллий дәстүр ҳәм қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдан ибарат,-дейди Арқа-батыс әскерий округи басқарма баслығының орынбасары, подполковник Алишер Ширинов.-Соның менен бирге, оларды түрли зыянлы иллет ҳәм жат идеялар тәсиринен қорғаў, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў  болып табылады.

Усы жерде әскерий хызмет ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының ветеранлары, жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў болып өтти. Онда ветеранлардан Абдрасули Юсупов, Атабай Аллаяров, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров, «Тынышлық сақшысы» газетасының бас редакторы, шайыр Жуманияз Өтениязов шығып сөйлеп, Ўатанды қорғаў, оны көздиң қарашығындай сақлаў елимиздиң ҳәр бир пуқарасының, соның ишинде жасларымыздың әдиўли миннети екенлигине тоқтап өтти. Шайырлар өзлериниң жаңа қосықларынан оқып берди.

Буннан кейин заманагөй техника ҳәм қурал-жарақлардың көргизбеси болды. Арқа-Батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң хызметкерлери оқыўшы жасларды заманагөй техника ҳәм қурал-жарақлар менен таныстырды. Гарнизон аймағындағы инженерлик, оқ атыў, химиялық, топографиялық, ҳаўа-десант таярлығы өткеретуғын майданшаларындағы шараятлар менен таныстырылды.

Усы жылдың октябрь айынан баслап шабандозлық таярлық майданшасы шөлкемлестирилди. Бул жерде «Қарабайыр» породасына тийисли «Қаракөз», «Қоплон», «Шаян», «Мираж», «Ақ қасқыр», «Көк қасқыр», «Кентавр», «Граф», «Кобра», «Жейран» лақаплы атлар бағылмақта. Майданшада әскерлер менен ҳәптесине еки мәрте шынығыўлар алып барылады.

-Гарнизонда әскерий хызметкерлерге жаратылған шараятлар бизде айрықша тәсир қалдырды,-дейди Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине қараслы Қарақалпақ академиялық лицейиниң 1-курс оқыўшысы Еркинбай Төремуратов.-Әсиресе, оқыў орайындағы бай китап қорына ийе китапхана, интернет тармағынан жалғанған компьютерлер жеке өзимниң әскерий хызметке болған қызығыўшылығымды арттырды.

Илаж шеңберинде бос жумыс орынлары ярмаркасы, өнертменлеримиз тәрепинен исленген буйымлардың ҳәм китаплар көргизбеси болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни алдынан өткерилген илажда Арқа-Батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги хызметкерлериниң көргизбели шығыўлары, концерт бағдарламасы оқыўшы-жасларда айрықша тәсир қалдырды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.